slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Питкериўши студентлерге түсиниклер берилди | | Karakalpak state university

Питкериўши студентлерге түсиниклер берилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдағы «Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў сапасын арттырыўда экономика тараўлары ҳәм тармақларының қатнасын және де кеңейттириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3151-санлы ҳәм де 2018-жыл 5-июнь күнги «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм олардың елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлары ҳаққында»ғы
ПҚ-3775-санлы қарарларында белгиленген ўазыйпаларды тәмийинлеў мақсетинде, 2018/2019-оқыў жылында социал-экономикалық, тарийх ҳәм ҳуқық, техника ҳәм химия-технология факультетин питкериўшилер менен Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери ушырасыў өткерди.

Ушырасыўды университеттиң буйыртпалар портфелин қәлиплестириў, питкериўшилерди жумыс орынларына бөлистириў ҳәм бәнтлик мониторинги бөлиминиң баслығы С.Габбаров ашып берди ҳәм алып барды.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы кадрлар бөлими баслығы, 1-дәрежели юрист З.Даулетов “Бюро органларына кадрларды хызметке таңлаў, қабыллаў ҳәм тәрбиялаў ҳаққында”,  Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Мәлимлеме тәмийнаты ҳәм қыдырыў секторы инспекторы, 1-дәрежели юрист А.Койбаков “Бюро органларында орынлаў жумысын жүргизиў ҳаққында”, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Сорастырыў ҳәм ҳәкимшилик әмелияты секторы сорастырыўшысы, 3-дәрежели юрист А.Юсупова “Бюро органларының сорастырыў жумыслары ҳаққында”, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бойынша аға инспекторы А.Куўанышевлардың баянатлары тыңланды.

Баянатшылар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў ҳәм де пайдаланыўда төлеў тәртибин және де беккемлеў, сондай-ақ, орынлаў системасын түптен жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-5059-санлы Пәрманы ҳаққында толық мағлыўматлар берилип, бюро органларында жумысқа қабыллаў, жумысқа қабылланған хызметкерлеге қойылатуғын талаплар, олардың материаллық ҳәм руўхый жақтан хошаметлениўи, айлық ис-ҳақылары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2019-жыл 12-март күнги “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў нәтийжелилигин және де арттырыў илажлары ҳаққында”ғы 4236-ПҚ санлы қарары, бул қарар тийкарында 2019-жыл 1-апрелден баслап суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў процессине медиация институтын енгизилиўи ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў даўамында университетти 2018/2019-оқыў жылында питкериўши жаслар тәрепинен бюро хызметкерлерине қызықтырған саўаллар тасланып, бюро хызметкерлери тәрепинен тийисли жуўаплар берилди.

 

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер