slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ҚМУда фотокөргизбе: «Қарақалпақстан фотокамераларда» | | Karakalpak state university

ҚМУда фотокөргизбе: «Қарақалпақстан фотокамераларда»

Бүгин, яғный 19-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы факультетинде «Қарақалпақстан фотокамераларда» атамасында фотокөргизбе ҳәм шеберлик сабағы шөлкемлестирилди.

Илажды факультет деканы Қ.Турдыбаев ашып берди.

Буннан соӊ көргизбеге келген мийманлар қатнасыўшы студент-жасларға жумыс тәжирийбелерин айтып, керекли мәсләҳәтлерин берип өтти.

Сондай-ақ, журналистика кафедрасы баслығы З.Оразымбетова илажды шөлкемлестириўшилерге миинетдаршылық билдириди.

Шеберлик сабағы даўамында журналистика тәлим бағдарыныӊ 2-курс студентлери тәрепинен түсирилген фотосүўретлеринен исленген видеоролик ҳәм көргизбеден хабардар болған Қубла Корея, Индонезия, Қазақстан, Ташкент қаласынан ҳәм Нөкис қаласынан тәжирийбели оператор ҳәм фотографлардыӊ видеоқутлықлаўлары келген мийманлар ҳәм қатнасыўшыларға қойып берилди.

Еслетип өтемиз, фотокөргизбеге эксперт сыпатында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң Қарақалпақстан бойынша фотохабаршысы Махсет Ҳабибуллаев, «Жеткиншек» газетасыныӊ фотохабаршысы Қабыл Бегимов, университет бас фотографы Бегдулла Ибрагимов ҳәм фотожурналистика бойынша қәниге Қ.Қалекеевлер қатнаспақта.

Фотокөргизбе еки күн даўам етип, экспертлер тәрепинен еӊ жақсы деп табылған фотосүўрет ийелери диплом менен сыйлықланады.

Мағлыўмат орнында айтып өтиўимиз керек, көргизбеге Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институти Нөкис филиалыныӊ бир топар студент-жаслары да қатнаспақта.

П.Ажимуратов,

ҚМУ студенти.

Пайдалы дереклер