slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ҚМУ РЕКТОРЫ БИЛИМ АЛҒАН МЕКТЕБИНЕ КИТАПЛАР САЎҒА ЕТТИ | | Karakalpak state university

ҚМУ РЕКТОРЫ БИЛИМ АЛҒАН МЕКТЕБИНЕ КИТАПЛАР САЎҒА ЕТТИ

Усы жылдың 19-март күни болып өткен видеоселектор мәжилисиндеги Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, олардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў бойынша басламасы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, техника илимлериниң докторы Ахмед Реймов өзи билим алған Қараөзек районы 10-санлы орта мектепке барып, 100ден аслам ҳәр қыйлы атамадағы көркем-әдебий китаплар ҳәм мектеп оқыўшыларына ҳәр қыйлы спорт инвентарьларын саўға етти.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз басшысының бул басламасы келешегимиз болған жас әўладтың ҳәр тәреплеме билимли, жетик инсанлар болып жетилисиўинде айрықша әҳмийетке ийе.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер