slot gacor
Ҳақыйқый илимпаз-педагог | | Karakalpak state university

Ҳақыйқый илимпаз-педагог

Бүгинги күнде елимизде билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда тараў пидайылары болған устаз-оқытыўшылардың жемисли мийнет етиўи ҳәм өсип киятырған жас әўладқа билим бериўдеги орны оғада әҳмийетли есапланады.

Оқыўшыларға билим бериўдей ийгиликли ўазыйпаны минсиз атқарып киятырған устазлардың бири ҚМУ академиялық лицейиниң математика пәни бас оқытыўшысы Кенжегүл Джакаева. Отыз жыллық мийнет жолы даўамында математика пәни бойынша шәкиртлер таярлап, олардың республика көлеминдеги алдынғы оқыў орынларына кириўде мийнети айрықша. Оның математика пәнин оқытыўдың нәтийжелилигин арттырыў бойынша изленислери бир неше республикалық, халықаралық журналларда басылып шыққан. Соннан бүгинги күнде 50 ге жақын илимий мақалалары, 1 оқыў қолланбасы, 5 оқыў методикалық қолланбасы жарық көрди.

«Қырық бес жыллық муғәллим болсаң да, қырық бес минутлық сабаққа таярланып кел» деген гәп бар халық арасында. Өз үстинде излениўден шаршамайтуғын Кенжегүл Джакаева усы жылдың 13-14-март күнлери Қазақстан Республикасы Шымкент қаласындағы М.Әўезов атындағы Қубла Қазақстан мәмлекетлик университетинде «Ҳәзирги заман инновациялық билим бериўде оқытыў тәжирийбелериниң мәселелери ҳәм перспективалары» атамасындағы III халықаралық илимий-әмелий конференциясына мүнәсип қатнасып, сертификат ҳәм «Излениўши педагог» медалын қорға киргизип қайтты.

К.Джакаеваның бул табысы бириншиси емес. Ол буннан тысқары бирнеше сырт еллерде болып өткен ҳәр қыйлы әнжуманларда мүнәсип қатнасып киятырған илимпаз-педагог есапланады. Ол 2004-жылы Австралия мәмлекетиниң Мельбурн қаласындағы Виктория университетинде болып, өз тәжирийбесин арттырып қайтты.

2010-жылда «Жылдың ең жақсы кәсип-өнер билимлендириўи оқытыўшысы» номинациясын, 2013-жылда Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи системасында педагогикалық билимлендириў технологиялары бойынша оқытыўшылар арасында өткерилген көргизбели таңлаўда республика көлеминде биринши орынды, усы жылы «Ең жақсы сабақ исленбеси» номинациясы ҳәм басқа да бир қанша таңлаўларда жеңимпаз болды.

Бүгинги күнде жумыс алып барып атырған ҚМУ академиялық лицейинде оның басламасы менен «Жас математиклер» дөгереги шөлкемлестирилген болып, оқыўшылардың өз имкәниятларын жүзеге шығарыўда бул дөгеректиң тутқан орны айрықша болып келмекте.

Тәжирийбели устаздың таярлаған оқыўшылары да теңлеслери арасында өзлериниң айрықша уқыпқа ийе екенлиги ҳәм жоқары билими менен көзге түсип киятыр.  2015-2016-оқыў жылында еки оқыўшысы математика пәни бойынша өткерилген республикалық III басқыш пән олимпиадасында жеңимпаз болып, 3-курс оқыўшысы Е.Жолдасбаев II орынды ҳәм 2-курс оқыўшысы Д.Абдиганиев I орынды алыўға миясар болды. Өзбекстан сайланды командасын шөлкемлестириў бойынша өткерилген халықаралық олимпиадаға қатнасып II  орынды алды ҳәм Миллий университет қасындағы академиялық лицейде болып өткен халықаралык олимпиадаға катнасты. 2016-жылы Үргениш мәмлекетлик университетинде «Ал-Хорезмий» атындағы математика пән олимпиадасында оқыўшылары сыйлы орын ҳәм «Ҳүрмет жарлық»лар менен сыйлықланды. 2017-жылы оқыўшысы Абдиганиев Дәўранбек VI  басқыш пән олимпиадасына қатнасып, 3-орынды алып, Ташкент қаласындағы Халықаралық дипломатия университетине имтихансыз кириў бахтына миясар болды.

– Устазлық – оғада машақатлы кәсип. Бирақ, оқыўшыларыңның ерисип атырған жетискенликлерин көрип, «бул кәсипти бийкарға таңламаған екенмен»-деп ойлап қаламан. Ҳақыйқатында да, математика пәнине болған меҳирим мектепте оқып жүрген ўақытларымнан басланған болса, Қаракалпақ мәмлекетлик университети жоқары дәрежеде билим берди. Буннан кейинги дәўирде кәсиплеслеримниң ҳәм устазларымның мәсләҳәтлери менен көплеген нәтийжелерге еристим. Бүгинги күнде оқыўшылар менен еле де тереңирек ислесип, олардың билимин жетилистириў ушын бар күш жигеримди аямай оқыў орны жәмәәти менен турақлы жумыс алып барып атырмыз.  Устазлық арқалы аз да болса ҳүрметке бөленип, атырғанымыз бизди және жаңа умтылысларға талпындырады,-дейди К.Джакаева.

Тәжирийбели устаздың билимлендириў тараўына қосқан үлеси мүнәсип баҳаланып, «Өзбекстан Республикасы Орта-арнаўлы кәсип-өнер билимлендириўи ағласы» көкирек нышаны, Жоқары ҳәм орта-арнаўлы билимлендириў министрлигиниң «Ҳүрмет жарлық»лары, бир қанша халықаралық ҳәм республика көлеминде «Сертификат»ларға мүнәсип көрилди.

Оқыўшыларға билим бериўдей машақатлы, бирақ, жемиси татлы болған кәсипти таңлаў ҳәм буған пүткил өмирин арнаў ҳәммениң де қолынан келе беретуғын батыллық емес. Өз үстинде ҳәм оқыўшыларының билими үстинде излениўден шаршамайтуғын педагог-устаз К.Джакаева еле де жоқары нәтийжелерге ерисе бериўине тилеклеспиз.

Ж.ИСКЕНДЕРОВ,

Журналистика қәнигелигиниң студенти.

 

Пайдалы дереклер