Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университети қасындағы илимий дәреже бериўши DSc.28.12.2017.Ped.20.02-санлы Илимий кеңес мәжлисинде Физика-математика факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Илимпаз Алламбергенов Физика-математика илимлери кандидаты, доцент Рискелди Тургунбаевтың басшылығында «Академик лицей-университет тизимида математик анализ асосларини ўқитишда узвийликни таъминлаш методикаси» деген темада педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертация жумысын табыслы қорғады.
Илимпаз Алламбергеновтың диссертациясында Физика-математика пәни ушын үлкен теориялық ҳәм әмелий әҳмийетке ийе болған мәселениң өз шешимин тапқаны белгили илимпазлар тәрепинен атап өтилди. Сондай-ақ, изертлеў жумысының актуальлығы, теориялық ҳәм әмелий әҳмийети, илимий жаңалығы жоқары баҳаланды.
Мағлыўмат ушын, Илимпаз Алламбергенов 1981-жыл 19-апрельде Нөкис қаласында туўылған. 1998-2002 жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университети Физика-математик факультетиниң бакалавр бағдарын, 2002-2004 жыллары Магистратура бөлимин табыслы тамамлаған. 2004-2007 жж.-Қарақалпақ мəмлекетлик университети алгебра ҳәм дифференциал теңлемелер кафедрасы ассистенти, 2007-2010 жж.- Низамий атындағы Ташкент мəмлекетлик педагогика университети аспиранты, 2010-2014 жж.-Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң алгебра ҳəм дифференциал теңлемелер кафедрасы ассистенти, 2014-2014 жж.- Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң функционал анализ кафедрасы ассистенти, 2014-2015 жж.-Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң функционал анализ, алгебра ҳəм геометрия кафедрасы ассистенти, 2015 ж.-ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң функционал анализ, алгебра ҳəм геометрия кафедрасы ассистенти болып жумыс ислеп келмекте.
С.Сердалиев,
Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң 1-курс магистранты.