slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
#bakhshi Фестивальға таярлық қызғын | | Karakalpak state university

#bakhshi Фестивальға таярлық қызғын

 Усы жыл 5-10-апрель күнлери аралығында Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында Халықаралық бақсышылық өнери фестивалы өткериледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 1- ноябрьде  «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Халықаралық бақсышылық фестивалына Қарақалпақстан Республикасының ўәкиллери де қызғын таярлық көрмекте.

Бул ҳаққында бизге Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң директоры, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Бахтияр Есемуратов хабар бермекте.

Мағлыўматларға қарағанда, шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳәр бир ўәлаят топарларына арнаўлы майданлар ажыратылып, олар бул майданға өзине тән сахналарды орнатып, қолы гүл уста өнерментлер тәрепинен көргизбелер шөлкемлестирилген.

Қарақалпақстанлылар ушын ажыратылған майданға 8 қара үй тигилип, қарақалпақ миллий нағысы менен безелген. Қарақалпақ миллий саз әсбапы есапланған 3 қобыз ҳәм 3 дуўтардың, «Аяз қала» тарийхый қаласының, «Арал қайтты» атамасындағы балықшылар, кемелери сәўлеленген макет,  сондай-ақ, қобыз шертип отырған жыраўдың макети майданға өзгеше көрик бағышламақта.

Бул жерде бақсы, жыраўлар тәрепинен «Алпамыс», «Едиге», «Саятхан-Ҳәмре», «Қырқ қыз» дәстанлары атқарылмақта. Соның менен бирге қарақалпақ халық қосықларынан «Қутлы болсын тойларыңыз», «Мухаллес», «Қара жорға», «Сый перде», «Қара дәли», «Мың түмен», «Жаңла қосығым», «Ешбай», «Налыш», «Дем бермес» қосықларды Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң «Мухаллес» дуўтаршылар ансамблиниң бақсы, жыраўлары атқарады.

Сондай-ақ, фестивальда Қарақалпақ халық бақсы Зыяда Шарипова, Гүлнара Алламбергенова, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Лола Махамматдинова, Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетов, Өзбекстан халық бақсылары Теңелбай Қаллиев ҳәм Ғайратдин Өтемуратов, Жәнибек Пиязов, Қарақалпақстан халық артисти Өмирбай Қосымбетовлар менен бирге жас бақсы жыраўлардан Зинатдин Нуратдинов, Муҳаммед Төребеков, Динара Нуратдиновалар да өзлериниң бирин-бири тәкирарламайтуғын репертуарлары менен қатнасады.

Өнерментлер тәрепинен ағаштан таярланған  халық өнерментшилик өнимлери, музыка әсбаплары, миниатюра, нағысланған, боялған нағыслар, гүл басылған гезлемелер, бас кийимлер, қолда тоқылған гилемлер ҳәм басқа да затлар орын алған.

Өнерментлер көргизбесинде дефиле қызлар тәрепинен миллий липаслар топламы көрсетилиўи күтилмекте.

Дерек: www.kknews.uz

Пайдалы дереклер