Ишимлик суўдан үнемли пайдаланыў | | Karakalpak state university

Ишимлик суўдан үнемли пайдаланыў

2019 жыл 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Техника факультетинде «Ишимлик суўдан үнемли пайдаланыў» атамасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Ишимлик суўдан пайдаланыўды қадағалаў бойынша инспекциясыныӊ бөлим баслығы Илхам Шакиров, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик суў инспекциясы бас инспекторы Мажит Аблатов, Нөкис қаласы Имам ийшан Мухаммед жоме мешити имам орынбасары А.Жолаўшиев, Түйемойын-Нөкис басқармасы бөлим баслығы Камал Нуратдиновлар өз баянатлары менен қатнасды.

Ушырасыўға Техника факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасып, тийисли кәнигелерден өзлериниӊ кызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

С.Нурниязов,

Техника факультети жаслар менен ислесиў

бойынша декан орынбасары. 

Пайдалы дереклер