Бәршемизге белгили, Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен илим ҳәм билимлендириў системасының раўажланыўына айрықша дыққат қаратып, бул тараўды раўажландырыўға байланыслы бир қатар Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Әсиресе, илим ҳәм билимлендириўде раўажланған мәмлекетлер менен бирге ислесиў, олар менен тәжирийбе алмасыў тараўдың еле де жетилисиўине тийкар жаратады.
Өзбекстанның усындай байланыслары Қазақстан мәмлекети менен жақсы жолға қойылған. Өзбекстан ҳәм Қазақстан әййемнен дос, туўысқан мәмлекетлер. Сонлықтан да, еки мәмлекет арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў байланыслары барлық тараўларда, соның ишинде билимлендириў тараўында жаңа басқышларға көтерилмекте.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Өзбек филологиясы факультетиниң деканы, доцент О.Дуйсенбаев пенен университеттиң магистратура бөлиминиң баслығы А.Гулимовлардың Қазақстан Республикасына сапары усындай ийгиликли ислерди әмелге асырыў болып табылады.
2019-жылдың 10-апрель күни О.Дуйсенбаев пенен А.Гулимовлар Алматы қаласындағы Аль-Фарабий атындағы Қазақ миллий университетинде Филология ҳәм дунья тиллери факультети деканы ф.и.д., Өмирхан Әбдиман улы ҳәм Әдебият теориясы кафедра баслығы ф.и.д., проф. Алуа Берикбай қызы менен ушырасыў өткерилди.
Еки жоқары оқыў орынлары ўәкиллери арасында ушырасыўдан мақсет – Қазақ миллий университети менен бирге қазақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги бойынша магистратура бағдарын ашып, қос дипломлы билим бериўде шериклик қарым-қатнасты ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыўдан ибарат.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен барған ўәкиллер университет ректораты тәрепинен берилген естелик саўғаларын тапсырды.
Жанар Шарипова,
Филология кафедрасының баслығы.