Қытайдың «Талантлы жас алымлар» Бағдарламасы
Қытай Халық Республикасының «Талантлы жас алымлар» Бағдарламасы өзбекстанлы жас алым ҳәм илимий изертлеўшилерди Қытай мәмлекетинде 6 айдан 1 жылға шекем мүддетте толық штатта жумыс ислеў ушын таңлаў жәриялайды. Арзалар жыл даўамында http://tysp.cstec.org.cn/en веб-сайты арқалы қабылланады.
Талабанларға қойылатуғын талаплар:
-өз мәмлекетинде толық штатта жумыс ислеў, илимий изертлеў менен шуғылланып атырған болыўы;
-бес жыллық илимий стажға ямаса докторлық дәрежеге ийе болыўы;
-жасы 45 жастан аспаған болыўы;
-инглис ямаса қытай тилинде еркин сөйлей алыўы;
-Қытай мәмлекетинде толық штат кестесинде ислеў нийетинде болыўы;
-Қытай мәмлекетинде жасаў ҳәм жумыс ислеў нызам ҳәм қарарларын, тәртип-қағыйдаларын сақлаўы талап етиледи.
Халықаралық бирге ислесиў бөлими.