Елимизде жоқары билимлендириў системасын түпкиликли реформалаў мақсетинде ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар мәмлекетимизди раўажланған еллер қатарына қосыў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў жолында тасланып атырған үлкен қәдемлердиң бири болып табылады.
Усындай өз ара халықаралық бирге ислесиў мақсетинде 2018-жылдың 18-20-октябрь күнлери Ташкент қаласында «Өзбекстан-Россия билимлендириў форумы» шөлкемлестирилген еди. Бул форум шеңберинде усы жылдың 8-9-апрель күнлери Россия Федерациясының Астрахан қаласында Россия ҳәм Өзбекстан жоқары оқыў орынлары ректорларының регионаллық конференциясы болып өтти.
Бул конференцияға Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов қатнасып, «Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң келешектеги раўажланыўдың тийкарғы жөнелислери: дүньядағы жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайлары менен бирге ислесиў» темасында баянат жасады.
Сондай-ақ, ҚМУ делегациясы ағзалары Астрахан мәмлекетлик университетинде болып, еки университет ректорлары университетлер арасындағы бирге ислесиўдиң келешектеги ис-режелери ҳаққында сәўбетлести ҳәм тийисли қәнигеликлер бойынша академиялық мобиллик, докторантура, оқытыўшылардың тәжирийбе алмасыўы, биргеликте илимий конференциялар шөлкемлестириў бойынша шәртнамалар имзалады.
Бизге мәлим, Астрахан мәмлекетлик университети Россия мәмлекетиниң ески оқыў орынларынан есапланады. Әсиресе, бул билим дәргайындағы рус тили ҳәм әдебияты, тарийх ҳәм юриспруденция қәнигеликлери бойынша кадрлаў таярлаў системасы басқа университетлерден жоқары турады. Сонлықтан да, ҚМУ делегациясы усы факультетлердиң оқыў процесси менен жақыннан танысты ҳәм өз ара тәжирийбелер алмасты.
Баспасөз хызмети.