slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Терроризмге қарсы гүресиўде ҒХҚның роли | | Karakalpak state university

Терроризмге қарсы гүресиўде ҒХҚның роли

Усы жылдың 13-апрель сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Журналистлерди қайта таярлаў орайы ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң мәмлекетимиздеги жойбарлар координаторлары университетимизде билим алып атырған журналистика қәнигелигиниң студент-жаслары ушын «Терроризмге қарсы гүресиўде ҒХҚның роли» атамасында тренинг шөлкемлестирилди.

Илажды Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети Халықаралық журналистика факультетиниң үлкен оқытыўшысы, PhD Беруний Алимов, “Өзбекстан-24“ радиоканалының үлкен редакторы Нозима Тошпўлатовалар алып барды.

Мағлыўматларға қарағанда, 2017-жыл дүньяда 65 журналист айрықша жағдайлар қурбанына айланған. Солардаң 60 проценти ўақыя болған жерде апатқа ушыраған.

Тренингде терроризмге байланыслы ўақыя-ҳәдийселерди жарытып бериўде журналист әмел етиўи керек болған мәжбүриятлар түрли мысаллар менен келтирилип, кең түрде түсиниклер берилди.

Күнниң екинши ярымында Беруний Алимов ҳәм Нозима Тошпўлатовалар студент-жаслар менен әмелий шынығыўлар өткерип, терроризмге қарсы гүресиўге байланыслы журналистлик материаллар таярлаў усыллары ҳәм этика нормалары ҳаққында мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, усы темада репортаж таярлаўда орынның дурыс таңланыўы, ўақыялылыққа бийтәреплиликти сақлаған ҳалда ҳәрекет етиў, буннан тысқары, дүнья жүзинде болып атырған террористлик ўақиялар ҳаққында жәрияланып турыўшы stopterror.uz веб-сайты ҳаққында да кең түрде мағлыўмат берилди.

Күн даўамында семинар қатнасыўшылары менен биргеликте интервью алыў усылы бойынша интерактив ойынлар шөлкемлестирилди.

Семинар өз-ара пикир алмасыў менен даўам етти.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер