slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Техника факультетинде китаплар көргизбеси | | Karakalpak state university

Техника факультетинде китаплар көргизбеси

Бүгинги күнде Мәмлекетимиз тәрепинен жаслардың китапқумарлық қәбилйетин арттырыў, олрдың китап оқыўға болған айрықша меҳирин оятыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Бул бағдарда орынларда китап ярмаркалары ҳәм китаплар көргизбелери турақлы тийкарда шөлкемлестирилип атырганлығын айрықша атап өтиў орынлы.

Жақында ҚМУдың Техника факультетинде «Китаплар көргизбеси» болып өтти. Онда техника факультетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслар қатнасты.

Өткерилген илажда қурылыс, архитектура ҳәм техника тараўлары бойынша тийисли адебиятлар ҳәм усы мазмундағы методикалық қолланбалар ҳәм басқа да тараў бойынша китаплар студентлер ҳәм қатнасыўшылар нәзерине усынылды.  Илаж даўамында техника факультети студентлерине қәнигелиги бойынша жаңа китаплар ҳәм мәлимлеме-ресурс орайындағы қосымша әдебитлар бойынша презентациялар қойып берилди.

Көргизбе даўамында студент-жаслар өзлерин қызықтырған әдебиятлар бойынша кеңнен түсиникке ийе болды.

Ш.КАЛИЛАЕВА

Техника факультети 2-курс студенти

Пайдалы дереклер