Глобалласыў процессинде ғалаба хабар қуралларының роли

Өткен жыллар даўамында, мәмлекетимизде журналистиканың еркинлигин тәмийинлейтуғын, демократиялық талап ҳәм стандартларға толық жуўап беретуғын беккем нызамшылық базасы жаратылды. Ғалаба хабар қураларының саны барған сайын көбейип, имканиятлары және де кеңеймекте. Бул жағдай, әлбетте, елимиз медиа базарының жедел раўажланып атырғанлығынан дерек береди. Сонлықтан да, бүгинги күни болажақ журналист кадрлардың жаңа әўладын, өз кәсибиниң жетик қәнигелерин таярлаў мәселеси де үлкен әҳмийетке ийе.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген «Глобалласыў процессинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференциясында да, мине, усындай мәселелер сөз етилди.

Дәслеп, әнжуманға келген Украина, Қырғызстан мәмлекетлеринен ҳәм Ташкент қаласынан келген мийманлар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының қабыллаўында болып, ушырасыўда мийманлар университетлер арасындағы байланыслардың еле де раўажландырыўды жолға қойыў кереклигин атап өтти.

Халықаралық илимий-теориялық әнжуманды университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Илажда «Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы, сенатор Г.Аннақлычева, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Киев мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер университетиниң доценти А.Полисученко, Ош мәмлекетлик университетиниң доценти З.Маматжанова, филология илимлериниң докторы, профессор Ф.Муминов, Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университети профессоры Ф.Муминова ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Баянатшылардың атап өткениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында ислеп шығылған ҳәм мәмлекетимизде изшил әмелге асырылып атырған Ҳәрекетлер стратегиясының жемисли нәтийжеси ҳәм елимиздиң халықаралық майдандағы абырайының артыўы, биринши гезекте, ғалаба хабар куралларында көринеди. Сонлықтан да, журналистлердиң орынлайтуғын ўазыйпалары жүдә көп ҳәм олардың жуўапкершилиги де әдеўир жоқары. Ең баслысы, олар мудамы турмыс ҳақыйқатлығын сәўлелендириўи лазым екенлигин ҳеш қашан умытпаўы тийис. Бул – журналистиканың ҳеш қашан өзгермейтуғын  турақлы шәрти есапланады.

Күнниң екинши ярымында конференция өз жумысын секцияларға бөлинген ҳалда даўам етти.

Баспасөз хызмети.  

Пайдалы дереклер