slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Мәдениятлы кийиниў – әдеплилик белгиси | | Karakalpak state university

Мәдениятлы кийиниў – әдеплилик белгиси

Өткен күни университетимиздиң мәденият сарайында университетимиздиң студент-қызлары арасында «Мәдениятлы кийиниў- әдеплилик белгиси» атамасындағы миллий ҳәм заманагөй кийимлер көргизбели-таңлаўы болып өтти.

Таңлаўды өткериўден гөзленген мақсет – студент-қызлардың оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилигин арттырыў, оларға оқыў орынларында, жәмийетлик орынларда кийетуғын кийимлердиң үлгилерин үйретиў ҳәм миллий үрп-әдет дәстүрлеримизге садықлық руўхында тәрбиялаў болып табылады.

Өткерилген таңлаў даўамында қатнасыўшылар өзлериниң уқыплылығы ҳәм талапшаңлығын сыннан өткерип, 3 шәрт даўамында өз ара беллести ҳәм таярлап келген көргизбелерин жыйналғанларға усынды.

Көргизбе-таңлаў жуўмағында ҳәр қыйлы номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланып, «Ҳүрмет жарлық» ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Ж.Искендеров,

Журналистика қәнигелигиниң студенти.

Пайдалы дереклер