slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Жас тилшиниң илимий мийнетиниң жемиси | | Karakalpak state university

Жас тилшиниң илимий мийнетиниң жемиси

«Қарақалпақ тил билими» кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты Анаргүл Қазақбаеваның «Қарақалпақ тилиндеги қосымталардың вариантлылығы» атамасында монографиясы «Қарақалпақстан» (2019) баспасынан шықты.

Монографияда қарақалпақ тил билиминдеги вариантлылық мәселеси, қосымталардың қурамы ҳәм дүзилиси, олардың сингармонизм нызамына байланыслы өзгешеликлери, тилдиң тарийхый раўажланыўы барысында жүзеге келген өзгерислер, диалектлик вариантлар, қосымталардың басқа түркий тиллериндеги вариантлары ҳәм басқа да бир қатар мәселелер қарақалпақ тил билиминде биринши мәрте ҳәр тәреплеме үйренилген.

Мийнетте қосымталардың сингармонизмлик вариантлары даўыслы ҳәм даўыссыз сеслерге байланыслы бөлип үйренилген. Қарақалпақ тилиндеги сөз жасаўшы қосымталардың ески түркий тиллериндеги, сондай-ақ диалектлик ҳәм сингармонизмлик вариантлары салыстырылып үйренилип, мысаллар менен дәлийлленип берилген. Сондай-ақ, қарақалпақ тилиндеги форма жасаўшы қосымталар, олардың келип шығысы бойынша илимпазлардың пикирлери ҳәм олардың вариантлары сөз етилген. Улыўма жуўмағында қарақалпақ сөйлеў тилинде даўыслы ҳәм даўыссыз сеслердиң бир-бири менен алмасып жумысалыўынан қосымталар көп вариантлы болып келетуғыны, бул фонетикалық қубылыс грамматикалық бирликлерде – көмекши морфемаларда мәнили сөз шақапларында өз көринисин табатуғыны тийкарлап берилген.

Монография қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги бойынша студентлер ҳәм магистрантларға илимий жумысларында жәрдемши есапланады.

Монографияға филология илимлериниң кандидатлары, доцентлер Қ.Пахратдинов ҳәм И.Сейтназарова пикир билдирген.

Буннан алдын А.Қазақбаеваның проф.М.Қудайберегнов пенен биргеликте магистрантлар ушын «Қарақалпақ тилиниң теориялық грамматикасы» («ҚМУ баспаханасы», 2017, 5 б.т.) оқыў қолланбасы, доцент И.Сейтназарова менен биргеликте «Ҳәзирги қарақалпақ тили пәнинен курс жумысларын жазыў бойынша методикалық қолланба»сы («ҚМУ баспаханасы», 2016), сондай-ақ 30 ға шамалас мақала ҳәм тезислери илимий журнал ҳәм топламларда басылып шыққан.

Жас илимпаздың жыллар даўамындағы изленислериниң жемиси болған салмақлы мийнетиниң жүзеге шығыўы менен шын кеўилден қутлықлаймыз ҳәм алдағы жумысларында ҳармай-талмай хызмет ете бериўине тилеклеслик билдиремиз!

Т.Машарипова,

Журналистика кафедрасының доценти, PhD.

 

Пайдалы дереклер