#Спорт_айлығы Факультет бириншилиги болып өтти | | Karakalpak state university

#Спорт_айлығы Факультет бириншилиги болып өтти

Усы жылдың май айы республикамызда «Спорт айлығы» деп жәрияланыўы мүнәсебети менен 1-6 май күнлери спорттың «Киши футбол» түри бойынша университетимиздиң Дене мәденияты факультети бириншилиги өткерилди.

Жарыста жәми 250 ден артық студент-жаслар өз ара беллесип, ҳәр-бир командалар жарыс даўамында жақсы таярлықларға ийе екенлигин көрсете алды.

Жарыс жуўмағында дене мәденияты қәнигелигиниң 1е командасы 1-орынды, 2а командасы 2-орынды, 3а командасы 3-орынларды жеңип алды.

Жеңимпаз командалар университет спорт клубы тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Н.Джанходжаев,

Факультеттиң Жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер