#Спорт_айлығы Жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды | | Karakalpak state university

#Спорт_айлығы Жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды

Май айы – «Спорт айлығы» деп жәрияланыўы мүнәсибети менен  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Техника факультетинде спорт илажларын жоқары дәрежеде өткериў бойынша ис илажлар исленип, жуўапкер профессор-оқытыўшылар бекитилди.

Спорт жарысларын өткериўден тийкарғы мақсет – студент-жасларды спортқа кеӊнен тартыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў болып табылады.

Хәзирги ўақытта факультетте ер-балалар арасында спорттыӊ мини футбол ҳәм ер-балалар ҳәм қызлар арасында спорттың волейбол түринен спорт жарыслары өткерилди. Жарыста жеңимпаз болған командалар мүнәсип сыйлықланды.

А.Сарсенбаев,

Факультеттиң Жаслар аўқамы жетекшиси.

Пайдалы дереклер