slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Табысыңыз оң болсын, Устаз! | | Karakalpak state university

Табысыңыз оң болсын, Устаз!

Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети қасындағы илимий дәрежелер бериўши PhD.30.08.2018.Fil.14.01 санлы Илимий кеңесте усы жылдың 10-май сәнесинде Марзияев Жаңабай Калибаевич 10.00.09 – Журналистика қәнигелиги бойынша «Ғәрезсизлик жыллары қарақалпақ баспасөзинде экологиялық машқалалардың сәўлелениўи» атамасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертация жумысын табыслы қорғап шықты.

Устазымыз Жаңабай Марзияевтың диссертация жумысына Қазақстан, Әзербайжан, Түркия, Россия, Украина, Қырғызстан мәмлекетлеринде жумыс алып барып атырған илимий орайлардың жетекши илимпазлары тәрепинен баҳалы пикирлер билдирилген.

Бунда ғәрезсизлик жылларында қарақалпақ баспасөзинде экологиялық машқалалардың сәулелениўи ҳәр тәреплеме анализленип, зәрүр пикир-усыныслар билдирилгенлиги атап өтилген. Сондай-ақ, изертлеў жумысының актуаллығы, теориялық ҳәм әмелий әҳмийети, илимий жаңалығы жоқары баҳаланған.

Биз де устазымызды ерискен  жетискенлиги менен қутлықлап, алдағы илимий жумысларында табыслар тилеп қаламыз.

Айнура Алишова,

Журналистика қәнигелигиниң 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер