Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайында «Мәлимлеме-ресурс орайының ең жақсы қәнигеси-2019» таңлаӯының 1-басқышы өткерилди.
Таңлаў 3 турдан ибарат болды:
1-тур: Мәлимлеме-ресурс орайы ҳәм өзи ислеп атырған бөлим ҳаққында слайдлар жәрдеминде жаңалықларды көрсетип бериў;
2-тур: Тест сораўлары;
3-тур: Өзи оқыған көркем әдебиятлардан үзиндилер айтып бериӯ;
Таңлаӯға мәлимлеме-ресурс орайынан жетекши методист М.Даулетмуратова, 1-категориялы китапханашылар: Д. Тлеумуратова, З.Ималатдинова, В.Қутлымуратова, Т.Абдуллаева, Н.Алламбергеновалар қатнасты.
Турларда белгиленген тапсырмалар бойынша қатнасыӯшылар өзлериниң жоқары дәрежедеги билимлерин, дөретиӯшиликлерин көрсете алды ҳәм төмендегидей нәтийжелерге еристи:
- Назира Алламбергенова, жәми 142 балл топлап 1-орынға ийе болды.
- Зухра Ималатдинова, 132 балл топлап 2-орынға ийе болды.
- Даригул Тлеумуратова, 130 балл топлап 3-орынға ийе болды.
Жоқары балларды топлаған кәсиплеслеримиз дипломлар менен сыйлықланды.
А. Алучиев,
Мәлимлеме-ресурс орайының информациялық
технологиялар бойынша жетекши қәнигеси.