Бүгинги күни университетимизде Президентимиздиң 2017-жыл 20-апрельдеги “Жоқары билимлендириў системасын еле де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 2909-санлы ҳәм 2018-жыл 5-июньдеги “Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм олардың елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы 3775-санлы қабыл етилген қарарлары тийкарында бүгинги күнде жоқары билимлендириў системасында басқа бағдарлар қатарында сырт еллер менен билимлендириў, илимий ҳәм иннновациялық байланысларды және де қүшейтиў илажлары даўамлы алып барылмақта.
Буның айқын мысалы ретинде, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде дүньяның раўажланған 16 мәмлекетлериниң жәми 48 жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий институтлары менен бирге ислесиў шәртнамалары ҳәм меморандумлары имзаланған.
Усы шәртнамалар тийкарында 2018/2019-оқыў жылында университетимиздиң билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў процессине 50 ден аслам сырт елли профессор-оқытыўшылар ҳәм алымлар сабақ процессене тартылды.
Ҳәзирги ўақытта университетте Европа Аўқамының Эразмус+ бағдарламасының 7 жойбары әмелге асырылмақта.
Жойбарлар шеңберинде өткен оқыў жылында университеттиң 40қа жақын профессор-оқытыўшылары Европа ҳәм басқа да мәмлекетлерде өткерилген семинар-тренинглер, оқыў курслары ҳәм конференцияларда қатнасып қайтты.
Усы жойбарлардың бири “UZDOC 2.0”: Өзбекстанда докторлық тәлим сапасын жетилистириў” жойбары есапланып, бул жойбар Өзбекстан жоқары оқыў орынларында илим докторларын таярлаў системасын реформалаў, сол арқалы сапасын жетилистириўди мақсет еткен.
Усы жылдың 12-сентябрь күни шөлкемлестирилген жойбар мәжилисинде университет ректоры А.Реймов ҳәм жойбар координаторлары шығып сөйлеп, мағлыўматлар берип өтти.
“UZDOC 2.0” жойбары 2013-2016-жыллар аралығында университетимизде әмелге асырылған “UZDOC” жойбарының даўамы ретинде Европа аўқамындағы шериклес университетлер ҳәм Өзбекстан жоқары оқыў орынлары арасында илим докторларын таярлаў бойынша өз ара тәжирийбе алмасыў, оқыў бағдарламаларын жетилистириў ҳәм илимий-изертлеў жумысларын алып барыўға тийкар болмақта.
Жойбар шеңбериндеги ушырасыўдың екинши күнинде рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.
Оны университеттиң жаслар менен бирге ислесиў бойынша проректоры О.Дуйсенбаев ашты ҳәм алып барды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинен жуўаплы хызметкер А.Толыбеков, Министрлер Кеңесинен Б.Айымбетов, академик Н.Аимбетов, ТАТУ Нөкис филалы директоры, жойбардың университеттеги координаторы Б.Қайыпбергеновлар шығып сөйледи.
Жойбар шеңбериндеги семинар-тренинглер даўам етпекте.
Баспасөз хызмети.