slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Пидайы илимпаз, талапшаң устаз | | Karakalpak state university

Пидайы илимпаз, талапшаң устаз

Усы  балада бир нәрсе бар…

Аманбай ағаның балалық дәўири екинши жержүзлик урыс ҳәм урыстан соңғы халқымыз ушын ең аўыр ҳәм қыйын дәўирине туўра келди. Сонлықтан болса керек, сол дәўир балалары ушын «ойын баласы» деген түсиниктиң өзи болмады. Ес ақылын енди ғана жыйып үлгерген өспирим,  тез есейип ержетти.

Отар атаның онша көп сөйлей бермейтуғын, индемес, туйық минезли баласы Аманбай да өзи теңлес дослары менен тез ержетти. Оқыўдан қолы босаса колхозда билек болып ислеўши ата-анасына қол көмегин тийгизди. Басқа аўыл балалары қусап қашарман, шүллик,  жасырынбақ ойнап кетпестен, қолына илинген китабын алып бас көтерместен оқыр еди. Әсиресе, муғаллимниң берген тапсырмасын булжытпай орынлаўға әдетленген.  Түсинбеген жери болса Отар атадан мәсләҳәт сораўдан уялмас, өз гезегинде әкеси де баласына өз билгенин үйретиўден жалықпас еди. Ҳәттеки олар математикадан еле өтилмеген есапларды биргеликте шығарып, шыраның жақтысында, түнниң әлле мәҳәлине шекем ўақыттың қалай өткенин де билмей қалатуғын еди.  (Отар ата ескише саўатлы, Ҳийўа медресесиниң бирин окып питкерген оқымыслы инсан еди. Ол диний саўатлы болыў  менен бирге, астраномия,  математика,  физика, әдебият усаған пәнлерге қызығыўшылығы күшли адам болған).

Бурынғы Қоңырат районы аймағына киретуғын жетинши аўыллық (Ҳәзирги Қанлыкөл районы «Киндикөзек» фермерлер бирлеспеси) басланғыш мектебинде оқып атырған Аманбайдың өмиринде естен шықпастай қызық ўақыя жүз берди.  2-класста оқып атырған Аманбайдың матетатикаға болған ықласы, класс муғаллими ҳәмде мектеп директоры Мақсет Мәмбеткәримовтың нәзерине түсти.  Сабақ ўақтында математикадан берилген сораўларға иркинишсиз жуўап берип атырған жас балаға «болыўы мүмкин емес» деп ҳайран қалысты.  Себеби, еле өтилмеген темалар бойынша да берилген сораўларға Аманбай иркилместен жуўап берер еди. «Аманлық болса мына баладан бир нәрсе шығады» – деп гүбирлесиўи менен мектеп директоры баланың қолынан жетелеп класстан шықты ҳәм «4-класс» деп жазып қойылған ханаға алып келди. «Аманбай Отаров,  сен бүгиннен баслап 4-класста оқыйсаң, сениң билимиң 4-класс ушын жеткиликли»- деди.

Усылайынша Аманбай  2-класстан 4-классқа атлап өтип өз оқыўын  даўам етти.  Ал мектеп директоры Мақсет Мәмбеткәримов болса, «Болар бала  бес  жасынан  белгили, қуда қәлесе  тап   усы баладан үлкен бир инсан жетилисип  шығады» деп тилек тиледи.  Ким биледи, бәлким сол ўақытлары периштелер «әўмийин» деген шығар.

 Көйлегиңниң арты неге сыя …

Ҳәр сапары «Балам-аў, көйлегиңниң арты сыя болады да жүреди, қанша жуўған менен кетпесе» – деп күйген ана байғусқа кишкене Аманбай ийнин қысып ғана қоя берди.

Ана пақыр кишкене баласының мектепте математикадан айрықша баҳаға оқыйтуғынына, ал, классласлары болса ҳәр сапары дәўетке басылған перолы ручкасы менен Аманбайдың арқасынан «Дәптериңди берип турса көширип алайын»,- деп түртип қоймағанынан көйлеги сыяға боялып жүргенин қайдан билсин. Усылайынша Аманбай аға өзинен еки-үш жас үлкен класласларының есабын шығарып, 7-класына шекем көйлегиниң арты сыя болып жүрди.

  Узақ болса да оқыйман…

Аўылдағы мектеп жети жыллық болғаны ушын да көпшилик балалар жетини питкерип болып колхоздың жумысына араласып кетти. Кем сөзли Аманбай шай үсти өз ата-анасына оқыўды даўам ететуғынын билдирди.

– Оқығаның мақул балам! – деди әкеси. Бирақ жақын жерде мектеп жоқ. Мектеби бар жерлерден ағайин қарастырыў керек.

– Узақ болса да оқыйман, аға!

Баласының бул сөзинен кейин Отар ата дорбасын ийнине салып Аманбайын ертип жолға түсти. Шоманайда жасайтуғын туўысқан ағасы Төремураттың үйиниң қасында он жыллық мектеп бар.  – Ағаңның үйиниң қасында мектеп бар. Сол жерден қатнап оқыйсаң. Оқы балам, оқысаң адам боласаң. Әкесиниң шын кеўли менен сыбырланып, гүбирленип, еткен дуўасы жас балаға медет болып Шоманайға қарап жол жүрип баратыр… 

Арадан бир жыл өткеннен кейин жетинши аўылдағы мектеп онжыллыққа айландырылды. Аманбай өз туўған аўылына келип оқыўын даўам етти.

Еки жыл колхозға билек болды …

 Бир жағынан өз әкеси, екинши жағынан мектептеги математика пәни муғаллими Баймурат Камаловтың қоллап-қуўатлаўы, тынбай бирге ислесиўи жас баланың математикаға болған қызығыўшылығын әбден арттырды. Усы устазының жәрдемине қосымша китаплар, оқыў қолланбаларын топлаўға еристи. Ойын баласына қосылмайтуғын, өзи менен өзи жүрип тек китап оқый беретуғын бул балаға көпшилик ҳайран болып қалар еди. 1956-жылы орта мектепти айрықша баҳаларға табыслы тамамлады. Сол дәўирдеги қол күшиниң кемислиги, урыстан соңғы жыллардағы қәйта тиклеў дәўириниң талапларынан болса керек, мектепти питкерген ер балалар кеминде еки жыл колхозда билек болып ислеўи шәрт еди.  Олардың ҳүжжетлерин жоқары оқыў орынларына еки жылдан кейин ғана қабыл етер еди. Аманбай да көп қатары математика китапларын аркалап жүрип еки жыл билек болды.

 Көп күткен күн

1958-жылдың жазында ата-анасының ақ пәтиясын алып жолға тускен жигиттиң Нөкиске келип кетиўи аңсат болмады.  Таўылса көликке минип, таўылмаса жаяўлап, үйиндеги бар китабын арқалап тәўекел жол жүрип киятыр.  Нөкиске келгеннен кейин баратуғын ағайинниң өзи жоқ.  Қай жерге барады, кимниң үйинде қонады. «Тәўекелшиден қудай да қорқады» дегениндей, Нокиске келгеннен соң өзиндей оқыўға келген жигитлер менен танысып ижараға жай алды.

Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтының физика-математика факультетине ҳүжжетлерин тапсырды. Ертең биринши имтихан…

                    Баймурат муғаллимге рахмет …

 Ерте таңнан математика қәнигелиги бойынша имтихан басланды. Имтиханды еки оқытыўшы қабыл етип отыр екен. Олардың бириншиси Мәжит Галекеев, ал екиншиси болса Цой Борис деген муғаллимлер екен. Негедур көпшилик талабанлар Мәжит Галекеевке имтихан тапсырғанды қәлеп тур. Мениң шегим қатты қоллаў, күни менен қатара үш-төрт талабанды жығып жиберген Цой Бориске түсти.  Берилген сораўлар Аманбай ушын жүдә әпиўайыдай туйилди ҳәм иркилместен анық етип жуўап берип отырды.

Сораўларға берген жуўабыма кеўли толған Цой Борис күле шырай берип:

– Сен бала, қай жерден келдиң?- деди.

– Қоңыраттан. Жетинши аўылдан.

– Математикадан ким оқытты?

– Баймурат муғаллим.

– Баймурат муғаллимге рахмет. Сенде бир нәтийже бар. Кейинги имтиханларға жақсылап таярлан. Сизге рухсат…

Мине, усылайынша 1958-жылдың жазында Аманбай Отаровтың көптен күткен күни жетип келди.  Ол Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының Физика математика факультетиниң «Математика ҳәм сызыў» кәнигелиги бойынша оқыўға қабыл етилди. Студент болды. Мандат өткеннен кейинги киргенлердиң дизими узыннан узақ етип илдирилди. Онда «Отаров Аманбай – со стипендиям», деп жазылған еди.

Студентлик алтын дәўир …

 Аманбай Отаров биринши курстан баслап-ақ институттың жәмийетлик жумысларына белсене қатнасты. Факультеттиң жаслар шөлкемин басқарды. Сабақлардан жақсы оқыў менен бирге коплеп дослар арттырды. Факультетте тәлим бериўши белгили илимпазлардың лекцияларын тыңлаў, олар менен бирге ислесиў жас жигит ушын ҳақыйқый билимниң есигин ашыўға тийкар жаратты.

Доцент Мажит Галекеевтиң илимий басшылығында илимий-теориялық конференцияларға қатнасып, баянатлар жасады, илимий жумыслар алыып барды.

1963-жылы физика-математика факультетин табыслы тамамлап, Нөкис мәмлекетлик педагогика институтына «математика ҳәм сызыў» қәнигелиги бойынша оқытыўшы етип алып қалынды.

Ҳақыйқаттанда сол жыллары институтқа жүдә талантлы, қызығыўшаң жаслар қабыл етилген еди. Олар оқыўларын табыслы тамамлап, республикамыздың түрли тараўларында белсене мийнет етти. Көпшилиги белгили илимпаз болып жетилисти. Ҳәзир олардың ҳәммеси ҳүрметли дем алыста.

 Илим жолындағы изленислер

 1964-1965-жыллары улыўма математика кафедрасында оқытыўшы болып жумыс ислеген дәўирде устаз профессор-оқытыўшылардан математика илиминиң көп ғана қырлы ҳәм де сырлы тәреплерин үйренди. Өзи де студентлерге сабақ берди. Китапханаларда отырып, әдебиятлар менен танысты. Аманбай Отаровтың илимге болған қызығыўшылығы, пединститут профессор-оқытыўшылары арасында да оған деген исенимди оята алды.  1966-1968-жыллары Киев университетиниң кибернетика факультетиниң «Есаплаў математикасы» кафедрасында илимий излениўши, 1968-1971-жыллары  сол жерде аспирантурада тәлим алды.  Оның илимий жумысын белгили илимпаз Остапенко Владимир Николаевич ҳәм Голанов Борис Александрович басшылық етти. Усы дәўирде ҳәзирги күнде математика илиминде аты дүньяға белгили илимпазлар: А.А.Глущенко,  И.И. Ляшко, А.И. Ястремскийлер менен жақыннан досласты.

Аспирантураны тамамлағаннан соң ӨзРИА Қарақалпақстан филиалының тәбийий пәнлер Комплексли институтында киши илимий хызметкер лаўазымында жумыс иследи. 1974-жыл, 8-январь күни Киев университетиниң кибернетика факультетиниң қәнигелестирилген Илимий Кеңесиниң мәжилисинде «Есаплаў математикасы» қәнигелиги бойынша кандидатлық диссертация жақлап, математика илиминиң бул тараў бойынша Қарақалпақстанда биринши илим кандидаты болды.

Аманбай Отаровқа илимий изертлеў жумысларының  нәтийжесине бола 1983-жылы доцент, 1992-жылы «Есаплаў математикасы» кафедрасы профессоры илимий атағы берилди. Оның басламасы менен 1976-жылы Нөкис мәмлекетлик университетинде «Есаплаў математикасы» кафедрасы шөлкемлестирилди. Ол 1976-1987, 1992-2000- жыллар аралығында усы кафедраға басшылык етти.

Аманбай Отаров 1989-1995-жыллар аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде илимий ислер бойынша проректор лаўазымында жумыс иследи. Оның талапшаң басшы сыпатында белсендилик хызметиниң нәтийжесинде университеттиң илимий изертлеў жумыслары белгили дәрежеде раўажланды. Илимий педагогикалық кадрларды таярлаўға итибар қаратылды. Университетте математика, физика, химия, биология, экономика илимлериниң көплеген тараўлары бойынша аспирантура ашылды.

 Үлкен устаздың илимий мийнетлери

 Аманбай Отаров өзиниң есаплаў математикасы тараўындағы көп санлы фундаменталь илимий мийнетлери  менен жәмийетшиликке кеңнен мәлим илимпаз -устаз сыпатында танылды. Ол жүзден аслам илимий мақалалардың, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған сабақлықлар ҳәм  оқыў әдебиятларының авторы.  Ол өз шәкирти «Әмелий математика ҳәм информатика» кафедрасының баслығы Ж.Алланазаров пенен биргеликте жоқары окыў орынларының  студентлерине арналған   «Есаплаў усыллары» (I бөлим, Нөкис, «Билим», 2001-жыл, 13 б.т.) атамасындағы сабақлығы  2002-жылы, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының студентлерине  арналған «Әмелий информатиканың тийкарлары»(Нөкис. «БИЛИМ», 2003,14 б.т.)  атамасындағы оқыўлық қолланбасы 2006-жылы  Өзбекстан Республикасы бойынша «Жылдың ең жақсы сабақлығы ҳәм оқыў әдебиятының авторы» таңлаўында жеңимпаз деп табылды.

    – Сабақлықта баянланған есаплаў усыллары оқыўшыны әдеўир қурамалы усылларды үйрениўге таярлайды ҳәм  олардың мәнислерин тереңирек үйрениўге жәрдемлеседи. –дейди «Математикалық анализ» кафедрасының профессоры, физика-математика илимлериниң докторы С.Қосбергенов. – Солай етип, бул сабақлық еки мәселени шешиўге – әмелий есаплаўларды  орынлаў ушын зәрүрли билимлер бериўге ҳәм  есаплаў усылларын буннан былай тереңирек үйрениўге тийкар салыўға бағдарланған. Бизиң пикиримизше, бул сабақлық тек жокары окыў орынларының  студентлери, оқытыўшылары, илимий хызметкерлери. аспирантлары ушын ғана емес, ал компьютер техникасынан пайдаланып әмелий мәселелерди шешиўге қызығатуғын ҳәр бир қәниге ушын баҳалы оқыўлық қолланба болады.

2006-жылы биргеликте «Есаплаў усыллары» сабақлығының екинши бөлими баспадан шығарылды. Бул сабақлық та 2009-жылдың  Өзбекстан бойынша «Жылдың ең жақсы сабақлығы ҳәм оқыў әдебиятының авторы» таңлаўына усыныс етилди. Ал А.Отаров, Ж.Аланазаров, А.Отаровлардың математика ҳәм экономика факультетлериниң студентлерине ҳәм магистрлерине арналған «Сызықлы емес программаластырыў маселелерин шешиў усыллары» атамасындағы оқыўлық қолланбасы усы жылы кең жамийетшилик ушын да үлкен саўға болды.

   Устаз шаңарағы

 Аманбай аға 1974-жылдан баслап өмирлик жолдасы Гулсара апа менен бирге үш ул ҳәм үш қызды тәрбиялап камалға келтирди.   Үлкен улы Әжинияз Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң экономика факультетинде үлкен оқытыўшы, кызлары Амангүл –экономист, жеке исбилермен,  Айсара  ингилис тили бойынша қәниге болып жетилисти.  Жәмила жақында ғана физика-математика илимлериниң кандидаты илимий дәрежесин жақлаўға еристи. Ата кәсибин даўам етпекте.

Ортаншы  улы Ахат математик, ен генжеси Аманияз болса математика факультетиниң биринши курс студенти.

Аманбай аға  менен Гулсара апа бүгинги күнде алты ақлықтың бахытлы атасы ҳәм кемпир апасы.

 Той хат

 Биз сөз етип атырған, устазлық жолының қыйын ҳәм машақатлы жолларын басып өткен белгили илимпаз, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, профессор Аманбай аға Отаровтың илимий педагогикалық хызметлерине быйыл саррас 60 жыл, ал устаздың туўылғанына 80 жыл болады.

«Егер маған қайтадан өмир берсе, мен екиленбестен жасап өткен өмиримди қайталаўға таярман» – дейди устаз өтмишти еслеп. – Себеби , мен таңлаған кәсип, мен таңлаған жол қанша қыйын болмасын,  мени жасаў ушын гүресиўге бағдарлады, усындай бахытлы күнлерге жеткериўге тийкар болған, -дейди ол. Устаз ҳәзирги күнде  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Әмелий математика ҳәм информатика» кафедрасында профессор лаўазымында жасларға билим берип келмекте.

Биз устазға беккем ден саўлық,  илимий педагогикалық жумысларында табыслар, шаңарағында аман-есенлик тилеп қаламыз.

Д.Бекбаўлиев,

Журналистика кафедрасының баслығы,

тарийх илимлериниң кандидаты, доцент.

Пайдалы дереклер