slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Университетимиз профессор-оқытыўшылары – чемпион! | | Karakalpak state university

Университетимиз профессор-оқытыўшылары – чемпион!

Усы жылдың 2-7-октябрь күнлери аралыгында спорттың волейбол түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы улыўма билим бериў мектеплери, кәсип-өнер колледжлери ҳәм жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары арасында жарыс шөлкемлестирилди.

Жарыста Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик педагогика институты, Өзбекстан мәмлекетлик Дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы, ҚРИИМ, НКОРМИ-1, НКОРМИ-2, ИВС ҳәм Тахтакөпир, Қараөзек районларынан сайланды командалар өз-ара беллести.

Кескин беллесиўлер астында болып өткен жарыс жуўмағында ерлер арасында 1-орынды Қарақалпақ мәмлекетлик университети командасы, 2-орынды Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы, 3-орынды Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң командалары жеңип алган болса, ал, ҳаяллар арасында 1-орынды Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң командасы, 2-орынды Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлигиниң командасы, 3-орынды Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командалары жеңип алыўға миясар болды.

Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министри Ғ.Байныязов, ҚМУ ректоры А.Реймов ҳәм басқалар қатнасты.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Н.Джанходжаев,

Дене мәденияты факультетиниң жаслар менен

бирге ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер