Бәрше Ўатанласларымызды келеси 2020-жылы «Дүнья жүзлик «Ғалабалық диктант» жойбарының пайтахты» деген атқа ерисиў ушын пайтахтымыз Нөкис қаласы ушын даўыс бериўге шақырып қаламыз.
www.totaldict.ru веб-сайтына кирип, дизимнен өтип, 2020-жыл ушын «Ғалабалық диктант» жойбарын өткериўге даўагер болған: Ростов-на-Дону, Челябинск, Екатеринбург, Ижевск, Тамбов, Казань, Вологда, Краснодар, Санкт-Петербург қалалары қатарында турған Нөкис қаласына даўыс бериң. Ҳәр бир даўыс бериўши инсан www.totaldict.ru веб-сайтына кирип, усы жылдың 11-ноябрь күнине шекем суткасына бир мәртеден даўыс бериў имканиятына ийе.
Келиң, биргеликте пайтахтымыз Нөкис қаласы ушын даўыс берейик, әзиз Ўатанласлар!!!
Мағлыўмат ушын телефон: +99890 964-78-56