1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилген күн

Усы жылдың 4-октябрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, қарар тийкарында бир қатар илажлардың әмелге асырылғанынан көпшиликтиң хабары бар.

Өзбек ҳәм қарақалпақ тиллери мәмлекетлик тил сыпатында теңдей әмел ететуғын Қарақалпақстан Республикасы халқы ушын және бир әҳми­йетли сәне бар. Бул ­ 1-декабрь, яғный, қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн. Быйыл бул сәнеге отыз жыл толады. Усыны инабатқа алған Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Президиумы 2019-жыл 16-октябрь күни «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында» қарар қабыл еткен еди.

Қарарда атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде қарақалпақ тили турмысымыздың барлық салаларында ­ мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, илим, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында кеңнен қолланылмақта.

Сондай-ақ, бүгинги раўажланыўымыздың жаңа басқышы ­ миллий раўажланыў дәўири талапларынан келип шығып, ана тилимиздиң жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, тарийхый тамырларын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў өрисин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў ислерин жаңа басқышқа көтериў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, соңғы жыллары тилимизди ҳәм әдебиятымызды буннан былай да раўажландырыў мәселесине айрықша дыққат-итибар қаратылып, Нөкис қаласында Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебиятын терең үйрениўге бағдарланған Республикалық мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеп-интернатының ашылыўы, қарақалпақ әдебиятының ири ўәкиллери бол­ған Күнхожа ҳәм Бердақ шайырлардың ҳүрметине Шымбай ра­йонында мақбара ҳәм музейдиң қурып питкерилиўи ­ бул әде­биятымыз бенен мәденияты­мызға, өз ана тилимизге деген айрықша итибардың көриниси саналады.

 Соның менен бирге, миллий терминология тараўындағы жумысларды тағы да раўажландырыў, тәртиплестириў ҳәм унификациялаў мақсетинде Республикалық терминология орайының дүзилиўи бул жолдағы және бир әҳмийетли қәдем болды.

Қарарға муўапық, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы ҳәм өткерилетуғын руўхый-ағартыўшылық илажларының бағдарламасы тастыйықланып, бул жумыслар басланып кетти.

Әлбетте, бул қарардың қабыл етилиўи, ана тилимиз болған қарақалпақ тилин буннан былай да раўажландырыў, оның қолланыў өрисин кеңейтиў, жасларымызды Ўатанға, ата-бабаларымыз тәрепинен қалдырылған миллий мийрас ҳәм қәдирият­ларға садықлық руўхында тәр­биялаўдың айқын көриниси болып табылады.

* * *

Тил инсанды инсан етип қәлиплестирген, урыў ҳәм қәўимлерге бирлестирген, жоқары раўажланыў басқышларына алып шыққан, миллий өзлигин аңлат­қан, руўхый кәмилликке жетелеген теңлеси жоқ байлық, адамлар арасындағы ең әҳмийетли қатнас қуралы есапланады. Соның менен бирге, тил дүньяны көриў, еситиў, билиў ҳәм сезиниў қуралы. Белгили немис тилшиси В.Гумбольдт «Тилде халықтың руўхый дүньясы өзиниң сәўлелениўин табады. Басқа халықтың руўхый дүньясын билиў ушын сол халықтың тилин үйрениў зәрүр. Тиллердиң ҳәр қыйлылығы тек сеслердиң ҳәм таңбалардың ҳәр түрлилигинде емес, ал, дүньяны таныў, сезиў ҳәм қабыллаўдың ҳәр қыйлылығына байланыслы», – деп жазады.

Тил — халықтың руўхы менен тығыз байланыслы. Тил адамзат мәдениятының ажыралмас бөлеги, халықтың күш алатуғын бирден-бир дереги.

Ҳәзирги ўақытта дүньяда 7000 ға шамалас тил бар. Дүнья тиллериниң анық санын анықлаў мәселесиндеги тийкарғы маш­қала — тиллер ҳәм диалектлер мәселеси болып табылады. Айы­рым тиллерди өз алдына тил деп есаплаў керек пе ямаса басқа бир тилдиң диалекти деп есаплаў зәрүр ме! Мәселен, араб тилиниң 24 диалекти бар, инглис тилиниң америка, англия, австралия, ҳинд вариантлары бир-биринен әдеўир парық қылады. Сондай-ақ, Бразилияда Амозонка бойында адамзат цивилиза­циясынан ажыралған түрде жасайтуғын аз санлы қәўимлердиң тиллериниң саны елеге шекем анық емес.

Тиллердиң анық санының белгисиз болыўының бир неше себеплери бар. Бириншиден, Амазонка дәрьясы бассейнинде аз изертленген, ямаса улыўма изертленбеген тилде сөйлеўши қәўимлер жасайды. Бразилия ҳүкимети бул тиллерде сөйлеўши қәўимлердиң сыртқы дүнья менен байланысын қадаған етип қойған. Себеби, буннан бурын сыртқы орталық пенен байланыста болған қәўимлер өз тилин умытып ассимиляцияға ушыраған. Бундай қадаған етиўлер саны 1 300 000 мың адам әтирапында болған, он жети қәўимге тийисли. Екинши себеби тилдиң қалай аталыўына байланыслы. Айырым аз санлы қәўимлер өзлериниң тилин «бизиң тил», «бизиң ана тилимиз» атамасы менен атайды, бул қәўимлердиң тили миссионерлер ямаса лингвистлер тәрепинен қалай аталса, сол түринде дизимге алын­ған. Айырым жағдайларда бир атама бир неше тилди өзиниң ишине алады. Мәселен, қытай, араб, кечуа тили. Сондай-ақ, айы­рым тиллерди сол тилде сөйлеўшилер бир атама менен, ал шет еллилер басқа атама менен атайды. Бул жағдай тиллерди атаў бойынша мәмлекет көлеминде қарар қабыл етилиўине де байланыслы болады. Мәселен, Канаданың арқа аймақларында жасаўшы қәўимлердиң тилин ҳәзир эскимос тили деп емес, ал инуктитут тили, Гватемала индеецлериниң хакальтек тилин копти тили деп атайды. Соңғы ўақытлары голланд тилиниң орнына нидерланд тили атамасын қолланыў бойынша қарар қабыл етилди. Дүнья халықларының ең көп сөйлесетуғын тиллерине — қытай, инглис, ҳинд, испан, араб, рус ҳәм португал тиллери киреди.

Дүнья жүзиндеги тиллердиң ярымы 8 мәмлекеттиң аймағында жасайды: Папуа — Жаңа Гвинея мәмлекетинде 832 тил, Индонезияда — 731 тил, Нигерияда — 515 тил, Ҳиндистанда — 400 тил, Мексикада — 295 тил, Камерунда — 286 тил, Австралияда — 268 тил, Бразилияда — 234 тилде сөйлеўши халықлар жасайды.

Дүньядағы 56 мәмлекеттиң рәсмий тили инглис тили есапланады, француз тили — 29, араб тили — 24, испан тили — 20, португал тили — 8, немис тили — 6, рус тили — 4 мәмлекеттиң рәсмий тили есапланады. Ең көп рәсмий тилге ийе мәмлекетлер бойынша мағлыўмат төмен­дегише: Бельгияда немис, француз, нидерланд тиллери, Босния ҳәм Герцеговинада босния, серб, хорват тиллери, Канадада инглис ҳәм француз тиллери, Люксембургта немис, француз, люксембург диалекти, Перуда испан, аймара, кечуа тиллери, Сингапурда тамиль, малай, инглис ҳәм қытай тиллери, Швецарияда немис, француз, итальян, ретрогерман тиллери рәсмий тил есапланады.

Жер шары халықларының 80 процентине 80 тил сәйкес келеди, ал 3,5 мың тилде жер шары халықларының 0,2 % сөйлейди. Мағлыўматларға қарағанда, коммуникацияның тез пәт пенен раўажланыўы, глобалласыўы нәтийжесинде ҳәр еки ҳәптеде бир тил жоқ болып кетип атыр. Сол тилде сөйлеўши ең соңғы адамның қайтыс болыўы менен тил жасаўын тоқтатады ямаса өледи. Өзиниң жазыўына ийе болмаған аз санлы халықлар ең үлкен қәўип астында жасамақта. Тилдиң өлиўиниң баслы себеби ҳәр бир тилде сөйлеўшилердиң санының ҳәр қыйлы болыўына байланыслы.

Тиллердиң жоғалып кетиў процесиниң баслы себеби глобализация ҳәм миграция есапланады. Адамлар өзлериниң турақлы жасап атырған жеринен қалаларға ямаса басқа мәмлекетлерге кетиўи нәтийжесинде өз хал­қының тилин жоғалтады. Илимпазлардың анықлаўынша XXI әсирдиң орталарына барып ҳәзирги жанлы тиллердиң дерлик ярымы қолланыўдан қалады екен. Көпшилик тиллер сол тилде сөйлеўшилердиң күшли тиллик орталық пенен қарым-қатнасы нәтийжесинде жоқ болып кетеди, сонлықтан да өз мәмлекетшилигине ийе емес ҳәм аз санлы халықлардың тиллериниң биринши гезекте жоқ болып кетиў қәўпи бар. Егер сол тилде сөйлеўши халықтың балаларының 70 % көби өз ана тилинде оқымаса, үйренбесе онда ол тил жоқ болып баратырған тиллер қатарына киреди. ЮНЕСКОның «Жоқ болып баратырған дүнья тиллери Атласы»нда берилген мағлыўмат бойынша ҳәзирги ўақытта Европадағы киши 50 тилдиң жоқ болып кетиў қәўпи бар.

Австралия, Ҳиндоқытай, Америка, Африка материги ҳәм континенттен ажыралған атаўларда жасаўшы аз санлы қәўимлердиң тиллери басқа тиллер тәрепинен қысып шығарылмақта, сондай-ақ, тәбийғый апатлар себепли қырылып кетсе, ол халықлардың тилин тиклеў мүмкиншилиги жоқ. Салыстырмалы түрде дүнья тиллери арасында Европа халықларының тиллери турақлы. Тек Ватиканның рәсмий тили латын тили — өли тил есапланады.

Жер шарындағы тиллердиң ҳәзирги раўажланыў бағдарларына нәзер тасласақ, дүнья тиллериниң ярымына шамаласы XXI әсирдиң ақырына шекем жоқ болып кетиў қәўпи астында жасамақта, бул жағдай адамзат ушын орны толмас жоғалтыў есапланады.

Әдетте, тарийхый естеликлер ЮНЕСКОның дизимине киргизилген, оның қорғаўында болады. 2001-жылы ЮНЕСКО тек тарийхый естеликлер ҳәм имаратларды емес, ал, материаллық емес байлықларды қорғаў бо­йынша шешим қабыллады. Дәслеп Бениндеги геледе қәўиминиң аўызеки дөретпелерин жыйнаў ҳәм жәриялаў, Белизде гарифул тилин сақлаў, Орайлық Африка Республикасында пигме ана қәўиминиң аўызеки дөретпелерин сақлаў, қорғаў бойынша жойбарлар әмелге асырылды. 2003-жылдың март айынан баслап бул шөлкем дүнья жүзи бо­йынша жоқ болып баратырған тиллердиң жағдайы ҳаққында материаллар топлаў бойынша экспертлерге мүрәжат етти.

Экспертлер дүнья тиллериниң сақланыў ҳәм раўажланыў жағдайын үйренип жоғалып баратырған тиллерди төмендеги көрсеткишлер бойынша классификация жасады. ЮНЕСКОның қызыл китабына кирген тиллерди анықлаў классификациясы:

– өли тиллер;

– жоқ болып кетиў қәўпи жоқары тиллер;

– жоқ болып кетиў қәўпи бар тиллер;

– турақсызлық жағдайында турған тиллер;

– турақлы тиллер.

Өли тил деп ҳәзирги ўақытта сол тилде сөйлеўшилери болмаған, қолланыўдан қалған, тек жазба естеликлер бойынша белгили тил есапланады. Әдетте бир тил екинши тил менен араласыўы нәтийжесинде қолланыўдан қалады, мәселен, копт тили араб тилиниң тәсиринде қолланыўын жоғалтқан. Тилдиң өлими бир тилдиң әсте-әсте эволюция жолы менен раўажланып басқа тилге айланыўы жағдайында жүзеге келеди. Буған мысал ретинде латын тилин көрсетиў мүмкин, ол ҳәзирги роман тиллериниң пайда болыў дереги есапланса, санскрит тили ҳинд­арий тиллериниң дереги есапланады. Айырым жағдайларда өли тил илимий ҳәм диний мақсетлерде қолланыўда болады, буған мысал ретинде ширкеў славян тилин көрсетиў мүмкин. Айы­рым жағдайларда өли тил қайтадан жанлы тилге айланыўы да мүмкин, буған мысал ретинде ески еврей тили — ивритти көрсетиў мүмкин. Қандай тиллер жоқ болып баратырған тиллерге киреди! Жоқ болып баратырған тиллер ҳәзирги ўақытта қолланыўда болған, бирақ жақын арада жоқ болыўы мүмкин болған тиллер.

2009-жылы ЮНЕСКО шөлкеми тәрепинен «Дүньядағы жоқ болып баратырған, жоқ болыў қәўпи бас­қышында тур­ған тиллер Атласы» жәрияланды. Онда көрсетилиўи бойынша, 2001-жылы жоқ болып кетиў қәўпи бар тиллердиң саны 900 болатуғын болса, 2009-жылларға келгенде 2500 дей тиллер бул қәўипке ушырамақта. Бул факт соңғы ўақытларда тиллердиң жоғалыў темпи жоқарылағанын көрсетеди. Тек Россияның аймағында 131 тил бундай қәўипке ушыраған.

Тилекке қарсы, тилин жоғалт­қан, өз миллетин жо­ғалт­қан адамлар өмирге басқаша қатнаста болады. Россия регионлары бойынша жүргизилген лингвистикалық экс­педициялар мағлыўматлары соны көрсетеди, өзиниң этникалық өзегин, тилин жоғалтқан адамлар өзлерин керексиз адамлар есаплайды, көпшилик жағдайда ишиўшиликке бериледи екен. Буннан басқа өзиниң тили менен бирге өз хал­қының миллий дәстүрлерин, миллий тағамларын, үрп-әдетлерин, неше әсирлик аўызеки халық дөретиўшилигин жоғалтады.

Дүньядағы тиллер не ушын жоқ болады! Буның тийкарғы себеби сол тилде сөйлеўши адамлар өзиниң тилин қолланбай басқа тилди қолланады, балаларын өз тилинде емес, өзи жасап атырған мәмлекетте кең тарқал­ған ҳәм «абырайлы» тиллерде оқытыўды мақул көреди. Тиллер бир-бири менен қоңсы жасайды, бәрқулла араласыў ҳәм өзгериўде болады, бүгинги глобалласыў процесинде бул жағдай тез пәт пенен жүз бермекте. Тийкарғы қәўип тек бул емес, ал, тиллердиң тең қолланылмаўында. Яғный айырым тиллер әҳмийетли ҳәм абырайлы болып адамның жәмийеттен өз орнын ийелеўине тәсир жасайды. Сонлықтан да, адамлар өзи ҳәм балаларының жәмийетке тез интеграцияласыўына жәрдем беретуғын, социаллық артықмашлық беретуғын тилди таңлайды. Әдетте, мектеплер ҳәм жоқары оқыў орынларында оқытылатуғын бул «үлкен» тил жақсы жумыс орынларында жумыс ислеў мүмкиншилигин береди. Солай етип, «киши тиллер» зәрүрли дәрежеде керек емес тилге айланады. Көп тиллилик баҳаланбайды, ал баслы тилди билиў талап етиледи. Бундай стратегия дүньяның айырым аймақларында жақсы нәтийже бермегенин көрсетеди. Мәселен, АҚШ ҳәм Францияда Африкадан келген халықлардың ўәкиллери инглис ҳәм француз тилин жүдә жақсы билгени менен табысқа ерисиўде шешиўши хызмет атқармағанын көрсетеди. Жас балаларды, келешек әўладты өз ана тилинде оқыўды тоқтатыўы тилге қәўип туўдырады.

Ҳәзирги ўақытта 400 тилдиң тез арада жоқ болып кетиў қәўпи бар. Бул тиллерде сөйлеўши үлкен жастағы аз санлы адамлар қалған. Бул адамлардың қайтыс болыўы менен бул тиллер жоғалып кетеди. «Қызыл Китап»қа дүнья тиллериниң 40 % киргизиў зәрүр. Тиллер менен салыстырғанда флора ҳәм фаунаның жағдайына келетуғын болсақ, барлық өсимликлердиң 8 %, ҳайўанатлардың 18 % ғана жоқ болып кетиў қәўпи бар. Шығыс Англия университетиниң биология профессоры Билл Сазерленд, «Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде сөйлеўшилер саны 50 адамнан аз болған 357 тил бар екенлигин көрсетип, оларды сақлап қалыўдың мүмкиншилиги жоқлығын жазады.

1996-жылы АҚШта сиу индеец қәўиминиң Катоуба тилин билетуғын ең соңғы адам қайтыс болды. Ол өлеринен алдын өз қәўиминиң салт-дәстүрлери, аўызеки халық дөретпелерин Смитсонов институты илимпазларына жазып қалдырған. 1989-жылы камасин тилинде сөйлеўши Клавдия Плотникованың қазаланыўы менен камасин тили өли тилге айланды.

Ҳәр бир тил улыўма адамзат мәдениятының бир бөлеги. Ана тили — ҳәр бир адамның сана-сезими, руўхый раўажланыўы ушын зәрүр. Ол халықтың тарийхы менен тығыз байланыслы, оның бирлигин, халықтың өзине тән өзлигин тәмийинлейди, халықтың халық болып сақланыўы ушын тийкарғы дерек болып, сол тилде сөйлеўши әўладлардың үзликсизлигин тәмийинлейди.

Қулласы, ҳәр қандай тәрбияның, әсиресе, тил, руўхый кәмиллик, миллий өзлик тәрбиясының тийкарғы орайы — шаңарақ есапланады. Жаңа туўылған нәрестеге ана тилинде ат қойылады, ананың ҳәййиўи баланы тек тынышландырып уйқылатыў ушын айтылмайды, усы ҳәййиў арқалы нәрестениң кеўил дүньясына миллий руўх сиңеди. Нәрестениң тәй-тәй турып, ең дәслепки сөзлерди үйрениўи, өзин қоршаған дүньяны миллий көз бенен көриў, сезиниў тәжирийбеси шаңарақта қәлиплеседи.

Ҳақыйқатында да, ҳәр бир халықтың өзине тән көриў усылы бар, өзине тән сезиниў нызамы бар, басқаша етип айтқанда, өзине тән ойлаў принципи бар. Сонлықтан да, «миллий сана», «миллий сезим» деген қәдирдан түсиниклер мың жыллардан берли адам баласының кеўлиндеги нурға күш-қуўат бағышлап келеди. Миллий руўхты қәлиплестиретуғын, оны турақлы түрде беккемлеп баратуғын, оның сақланыўына мүмкиншилик беретуғын ең тийкарғы дәрек — ана тили есапланады. Тил мәңги жасаўы ушын жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы өз ана тилине деген қатнасын өзгертиўи, оны ҳүрметлеўи, көздиң қарашығындай қәстерлеўи ҳәм оның қолланылыў өрисин кеңейтиў бойынша өзлериниң үлесин қосып барыўы зәрүр.

 Ш.АБДИНАЗИМОВ,

филология илимлериниң докторы, профессор.

Дерек: http://erkinkarakalpak.uz

Пайдалы дереклер