Юридика факультетинде шеберлик сабағы шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

Юридика факультетинде шеберлик сабағы шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы академиясының профессоры,  юридика илимлериниң докторы Гульчехра Маликова юридика факультети юриспруденция қәнигелиги 1-курс студентлери ушын «Мәмлекет басқарыўда мақсет, оны режелестириў ҳәм әмелге асырыў» темасында семинар-тренинг өткерди.

Семинар-тренинг даўамында мәмлекетти басқарыўда мақсетлерди анық белгилеп қойыў, ўазыйпаларды белгилеў, пайда болатуғын машқалаларды анықлаў ҳәм оларды шешиўде басқарыўдағы дәстүрли-мақсетли усыллардан пайдаланыў, сондай-ақ, басқарыўшы дизим сыпатында «мақсетлер тереги»н дүзиў ҳаққында бир қанша қызықлы мағлыўматлар берилди.

Белгиленген тема бойынша студентлер 5 киши топарға бөлинип, ортаға қойылған мәселеге өз мақсетлер режесин ислеп шығып, тәрийиплеп берди. Студентлер тема бойынша сораўлар берип, усыныс ҳәм пикирлерин билдирди.

Ю.Абдреймов,

Факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер