2019-жыл 11-декабрь күни саат 14:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.27.06.2017.Fil.20.01 санлы Илимий кеңестиң мәжилиси университеттиң мәжилислер залында болып өтеди.
Мәжилисте Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Қарақалпақ әдебияты кафедрасының 10.00.12 – Қарақалпақ әдебияты қәнигелиги бойынша таяныш докторанты Мамбетов Кабыл Пирниязовичтиң «И.Юсупов поэмаларының жанрлық өзгешеликлери» деген темадағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясы қорғаўы болып өтеди.