slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Қарақалпақ тил билиминиң әҳмийетли мәселелери | | Karakalpak state university

Қарақалпақ тил билиминиң әҳмийетли мәселелери

ХХ әсирдиң 20-жылларынан кейин қарақалпақ тилиниң раўажланыўында жаңа дәўир басланды. Бул дәўирде қарақалпақ халқы өзиниң тарийхында биринши рет улыўма халықлық миллий жазыўына, миллий әдебий тилине ийе болды. Ал, 1940-жылларға келе қарақалпақ тилиниң ҳәзирги фонетикалық, грамматикалық нормалары қәлиплесип, турақласты ҳәм қарақалпақ тили ҳәммеге теңдей хызмет ететуғын аўызша ҳәм жазба формаларына ийе миллий әдебий тилге айланды.

1989-жылы 1-декабрде қарақалпақ тилиниң Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тил сыпатында рәсмий түрде қабыл етилиўи қарақалпақ миллий әдебий тилиниң буннан былай да ҳәр тәреплеме раўажланыўына кең жол ашып берди. Нызам қабыл етилгеннен кейинги 30 жыл ишинде қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамында көплеген өзгерислер ҳәм жаңалықлар жүз берди.

Быйыл қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 30 жыл толады. Сәне мүнәсибети менен республикамыздың барлық орынларында ҳәр қыйлы байрам илажлары, илимий-теориялық конференция шөлкемлестирилип келинбекте.

Усы жылдың 29-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде байрамға бағышланып, “Қарақалпақ тил билиминиң әҳмийетли мәселелери” атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Әнжуманды университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры М.Ибрагимов басқарып барды.

Онда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, академик Ж.Базарбаев, профессор Ш.Абдиназимов, мийнет нураныйы Ү.Әширбеков, шайыр Б.Генжемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги раўажланыўымыздың жаңа басқышы ­ миллий раўажланыў дәўири талапларынан келип шығып, ана тилимиздиң жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, тарийхый тамырларын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў өрисин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў ислерин жаңа басқышқа көтериў бойынша кең көлемли жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығын ҳәм бул бағдардағы жумыслардың еле де күшейтиў кереклигин атап өтти.

Илаж соңында республикамыздың белгили көркем өнер шеберлери ҳәм университеттиң “Ҳүрлиман” халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Баспасөз хызмети.

   

Пайдалы дереклер