slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Мини-футбол бойынша жарыс шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

Мини-футбол бойынша жарыс шөлкемлестирилди

Соңғы жылларда мәмлекетимизде денетәрбиясы ҳәм спортты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, спорттың ҳәр қыйлы түрлерин буннан былай да ғалаба ен жайдырыў, спорт пенен шуғылланыў ушын қолайлы шараятлар ҳәм инфраструктураны жаратыўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де спорт пенен турақлы шуғылланыў ушын қолайлы шараятлар жаратылған. Буның айқын мысалы ретинде, спорттың бирнеше түрлери бойынша университет хызметкерлери арасында турақлы түрде спорт жарыслары шөлкемлестирилип келинбекте.

Жақында университет факультетлери ҳәм бөлимлеринлеринде жумыс ислеп атырған хызметкерлер арасында жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен спорттың мини-футбол түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.

Кескин беллесиўлер астында өткерилген жарыс жуўмағында 1-орынды АХЧ бөлими  хызметкерлери, 2-орынды математика факультети, 3-орынды архитектура факультети хызметкерлери ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер