slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
«ИЛИМ ҲӘМ ӨНДИРИСТИ  ИНТЕГРАЦИЯЛАЎ» АТАМАСЫНДА УШЫРАСЫЎ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ | | Karakalpak state university

«ИЛИМ ҲӘМ ӨНДИРИСТИ  ИНТЕГРАЦИЯЛАЎ» АТАМАСЫНДА УШЫРАСЫЎ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдағы  «Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырыўда  экономика салалары менен тармақларының қатнасын буннан былай да  кеңейтиў  илажлары ҳаққында»ғы  ПҚ-3151 ҳәм де 2018-жыл 7-май күнги «Экономика тараўлары ҳәм тармақларына инновацияларды енгизиў  механизмлерин жетилистириў бойынша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3698-санлы қарарларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў  мақсетинде Қурылыс факультети питкериўшилери менен илим ҳәм ѳндирис  интеграциясын тәмийнлеў мақсетинде ушырасыў болып  ѳтти.

 Ушырасыўды Қурылыс факультетиниң деканы, т.и.к Т.Узақов ашты  ҳәм алып барды.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жер мүлк кадастры  мәмлекетлик кәрханасы Нѳкис қаласы филиалы бас инженери Адил Еренов,  «Нукус Горландшафт» жойбарлаў мәкемеси баслығы Сейтмурат  Сайпназаров, «Гербиш ѳндирис» ЖШЖ баслығы С.Есбергенов, «Пухара  жойбар» жойбарлаў мекемеси инженери Ықлас Кайповлар қатнасты.

Сондай-ақ, ушырасыўға факультеттиң питкериўши студент-жаслары  ҳәм профессор-оқытыўшылары қатнасты.

Ушырасыўда  2020-жыл – «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»ның тийкарғы мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында  түсиниклер берип ѳтилди.

Сораў-жуўап ҳәм пикир-усыныслар менен дебатқа айланған бул ушырасыў қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды. 

М.Ешмуратов,

Қурылыс факультетиниң Кураторлар кеңесиниң баслығы.

Ы.Ниязымбетов,

Қурылыс факультетиниң 4-курс студенти.

Пайдалы дереклер