slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ЭКОНОМИКА ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖУМЫС БЕРИЎШИЛЕР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ | | Karakalpak state university

ЭКОНОМИКА ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖУМЫС БЕРИЎШИЛЕР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдағы «Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў сапасын арттырыўда экономика тараўлары ҳәм тармақларының қатнасын және де кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3151-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде экономика факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары менен экономика тараўы мәкемелери қәнигелериниң қатнасыўында университеттиң Мәденият сарайында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўды университет ректоры, профессор А.Реймов ашып берди ҳәм алып барды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасынан, Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясынан,  Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинен, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигинен, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайынан, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Туризмди раўажландырыў басқармасынан ҳам басқа да тараў басшы хызметкерлери ҳәм қәнигелери қатнасты.

Ушырасыўда студентлер тәрепинен әмелият ѳтеў, жумыс бериўшилерге волонтёр сыпатында бириктириў ҳәм жумыс бериўшилердиң мәкемелеринде клублар шѳлкемлестириў бойынша усыныслар берилди.

Қ.Нурманов,

Экономика факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер