slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ | | Karakalpak state university

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ

 БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ

2020 жыл 24-25-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Филология ҳәм шет тиллерди оқытыўдың әҳмийетли мәселелери” атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткериледи. Конференцияда немец, рус ҳәм кореец тиллери, салыстырмалы лингвистика, аўдарма теориясы ҳәм әмелияты, әдебияттаныў билими ҳәм шет тиллерди оқытыўда қолланылып атырған жаңа инновациялық технологиялар, оқытыў усылларының әҳмийетли проблемалары анализ етиледи ҳәм нәтийжеде оларға шешим ҳәм усыныслар бериледи.

Мақалалар 2020-жылдың 5-апрелине шекем қабыл қылынады. 

Конференцияда төмендеги бағдарлар бойынша мәселелер талқыланады: 

1-секция. Ҳәзирги заман лингвистикасының әҳмийетли мәселелери;

2- секция. Салыстырмалы лингвистика ҳәм аўдарма билими;

3- секция. Шет тиллерди оқытыўдың инновациялық усыллары;

4– секция. Әдебияттаныў мәселелери. 

Мақалаларды рәсмийлестириў тәртиплери: 

  • Конференцияға берилген мақалалар тексти өзбек, қарақалпақ, рус, инглис, немис ҳәм корейс тиллеринде редакторлеўге электрон ҳәм қағаз формасында тапсырылады. Мақалалардың усыныс етилген көлеми 4 беттен кем болмаған көлемде жазылады. Мақалалар Microsoft Word текстли редакторында тек Times New Roman шрифтында териледи. Жоқарыдан 2,0 см, төменнен 2,0 см, шептен 3,0 см, оңнан 1,5 см қалдырылады. Мақаланың аты биринши қатарына үлкен ҳәриплер менен орта бөлимине жайластырылады. Мақала атамасынан кейинги қатарда автордың аты-жөни, лаўазымы, жумыс орны киритиледи.
  • Тийкарғы текст 14 кегл, 1,5 интервалда териледи.
  • Мақаланы баспадан шығарыў қәрежетлери: 1 бети ушын 20000 (жигирма мың) сўм. Мақала авторына жоқарыдағы төлем есабынан бир топлам бериледи (почта қәрежетлерисиз).
  • Мақалалар текстине сүўрет, график, карта, таблицалар киритилиўи мүмкин. Сүўрет, график, карталар ҳәм таблицалар номерлениўи ҳәм атама қойылыўы шарт, атамалары астынада бөлек көринетиндей қылып 12 кеглде жазылыўы керек. График мағлыўматлар тек *.jpg фарматында болыўы керек. Таблицалар номерлениўи ҳәм атамасы қойылыўы шәрт болып, номери (1-таблица ҳ.т.б.) ҳәмде атамасы таблицаның үстине 12 кеглде жазылады. Таблица номери оң тәрепке, атамасы болса кейинги қатардан орта бөлимге жазылады. Сүўрет ҳәм таблицалар басқа әдебиятлардан алынған болса, олардың дереги төменде шеп тәрепте жазылыўы шәрт.
  • Пайдаланылған әдабиятлар дизими мақаланың текстинен соң берилип, 12 кеглде, автоматикалық номерленбестен киритиледи ҳәм Пайдаланылған әдабиятлар деб аталады. Дереклер әлиппе тәртибинде, алдын кирилл , кейин болса латын ҳәм басқа жазыўдағы әдабиятлар жайластырылады. Әдебиятлардың библиографиялық мағлыўматлары белгиленген стандарт тәртипте келтирилиўи тийис. Дизимдеги ҳәр бир дерекке  мақала тексинде[1] көринисинде берилиўи талап етиледи. Егер мақала текстине қандайда бир деректен алынған қатар толық берилген болса [3, б.65] көринисинде бериледи.

Еслетпе: Редакторлаў арқалы туўрылап болмайтуғын, “Антиплагиат” дәстүринде тексерилип, унамсыз нәтийжеге ийе болған, жақсы редактор қылынбаған мақалалар баспаға усыныс етилмейди ҳәм авторға қайтарылмайды.

Мақалалар электрон ҳәм doc. варианты ямаса қағаз формасында эксперт сыны менен төмендеги электрон почта мәнзилине жөнелтиледи: Өзбекистон Республикасы, 220100, Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси, 1-үй.

Телефонлар:    +99861 223-58-52,

+99899 954-40-24, (Абиш Мусаев – жуўапкер).

E-mail: abishmusaev@gmail.com

 

Төлем нақ пул яки пул өткизиў арқалы әмелге асырылады. 

Есап бети: 23 402000300100001010, СТИР 202609182 РКЦ ГУ Орайлық банк Ташкент қаласы

ҚҚМУ Л/с 400110860 354 017950100079001

ӨзР Финанс Ғазнашылық басқармасы

МФО 00014 ОКОНХ 92110

Төлем есап бетине пул өткериў арқалы әмелге асырылғанда квитанция abishmusaev@gmail.com электрон почтасына жиберилиўи тийис.

Пайдалы дереклер