«КЕМПИР АПАМ АЙТҚАН ЕРТЕКЛЕР» | | Karakalpak state university

«КЕМПИР АПАМ АЙТҚАН ЕРТЕКЛЕР»

Жас әўладты руўхый ҳәм физикалық жақтан жетик, инсанпәрўарлық, Ўатансүйиўшилик, ата-анаға меҳир-муҳаббат, устазларға ҳүрмет-иззет руўхында тәрбиялаўда миллий қәдириятларымыздың орны оғада үлкен. Атап айтатуғын болсақ, халқымыздың миллий келбетин, турмыс тәризин, өзинде сәўлелендиретуғын бай руўхый байлықлардан есапланатуғын миллий үрп-әдет дәстүрлерди ҳәм қәдириятларды өзинде жәмлеген халық аўызеки дөретпелери, классикалық қосық үлгилери(бақсы жыраў), миллий ойынлар, миллий аяқ ойынлар, фольклорлық шығармалар, дәстанлар, ертеклер айтыслар ҳәм тағы басқа көплеген халық аўызеки дөретпелериниң үлгилери жасларда миллий руўхты, миллетимизге тән унамлы белгилерди қәлиплестирип, оларға мәнаўий, руўхый азық болып хызмет етеди. Мысал келтирип айтатуғын болсақ, халқымызда бала тәрбиясында қолланылатуғын әпиўайы «Ҳәййиў» қосығын алып қарайық. «Ҳәййиў» бала тәрбиясында еки ўазыйпаны атқарып келген: бириншиси – балаларды уйқылатыў, екиншиси – тәрбиялаў, перзентине аналық меҳрин бериў, келешектеги арзыў-әрманын тәрийиплеп айтыў арқалы баланың санасына жақсы нийетлерди, сезимлерди сиңирип барыў. Ҳәр күни «Ҳәййиў» еситип өскен балалардың бас мийи жақсы раўажланып, руўхый ҳәм ақылый жақтан жүда жетик ҳәм зийрек болып камалға келеди екен. «Ҳәййиў» балаларда тек ғана жақсы пазыйлетлерди қәлиплестиреди. Илимий жақтан изертлеўшилердиң нәтийжелери соны көрсетеди, «Ҳәййиў» еситпеген балалардың руўхый ҳәм физикалық жақтан раўажланыўы «Ҳәййиў» менен өскен балаларға салыстырғанда сезилерли дәрежеде артта қалады екен.  Мине усындай, «Ҳәййиў» сыяқлы халқымыздың ертеден киятырған миллий қәдириятларынан есапланатуғын, халық аўызеки дөретпелериниң бири, бизиң үлкен руўхый байлығымыз бул – ертеклер есапланады.
Жасыратуғыны жоқ, бугинги күнде бурыннан мийрас болып киятырған халық аўызеки дөретпеси есапланатуғын ертеклерди оқып, оны ядлап алып жас кишкене балаларына айтып берип атырған ата-аналарды, яки үкелерине ертек айтып берип отырған жас қыз-жигитлерди, ямаса ертек оқып атырған жас өспиримлерди ондай көрмеймиз де, есите бермеймиз де.
Халқымызда «Ертеклер-жақсылыққа жетеклер» деген даналық ибара бар. Шынында да, ертек тыңлап өскен бала, ертектеги ўақыяларды көз алдына келтиреди, бул арқалы баланың фантазиясы, ақыл-ойы, санасы жақсы раўажланады. Ал, ертек қаҳарманлары, ертектеги унамлы ҳәм унамсыз образлар арқалы болса балалар жақсы менен жаманды парықлайды, жаксылықтың жаманлық үстинен ǝлбетте, жеңип шығатуғынлығын сезинеди.
Итибар берип қарасақ, көпшилик ертеклерде кишкенелигинен мийнеткеш, өнерли қызлардың образы бериледи, ал ер балалардың көркем келбети олардың жаўларға қарсы турып елин, шаңарағын батырлық пенен қорғаған мǝрт азаматлар тымсалында айқын сǝўлеленеди. Ертеклердиң ең жақсы тәрепи сонда, барлық ертеклердиң соңы жақсылық пенен жуўмақланады, ҳәмме ертеклерде жақсылық жаманлықтың үстинен жеңиске ериседи. Мине сонлықтан да, биз жоқарыда атап өткен «Ертеклер жақсылыққа жетеклер» деген ибараның халық арасында сақланып қалыўы, айтылыўы тосыннан емес деп ойлаймыз. Бундай ертеклерди тыңлаған қыз балаларда қызларға тǝн болған адеплилик, ийбелилик, мүлайымлылық, тартыншақлық сыяқлы жақсы пазыйлетлер, ал ул балаларда болса батырлық, дәўжүреклик, мәртлик , ерлик сыяқлы ҳақыйқый азаматлық пазыйлетлер раўажлана баслайтуғынлығы балалар психологиясында да айрықша атап өтилген.
Соның ушын да, бақша тǝрбияланыўшылары ҳǝм баслаўыш класс оқыўшыларын ертеклер арқалы тǝрбиялаў, сондай ақ, ертеклер тийкарында сахналық көринислер шөлкемлестирип, онда балалардың өзлерин ертек қаҳарманлары сыпатында роль атқарыўына қызықтырып барыўға бүгинги күнде еле де үлкен итибар қаратылыўы керек.
Ертеклер жас қызларымыз ушын да үлкен ǝҳмийетке ийе, себеби олар бүгиннен ертеклерди жақсы билсе, оны өзлери ядлап, яки окып үйдеги кишкене үкелерине айтып берсе, ертенги күни келешекте өзлери ана болғанда презентлерин ҳǝр кыйлы мазмундағы ертеклер айтып бериў арқалы да жақсы пазыйлетлерге тәрбиялап барады.Мине, усындай жақсы мақсетте жақында ғана Бердақ атындағы Қарақалпақ мǝмлекетлик университети Ҳаял-кызлар шөлкеми басламасы менен «Кемпир апам айтқан ертеклер» атамасында онлайн таңлаўы шөлкемлестирилди.
Таңлаўға ҳәр бир факультеттен ертек айтып саралап алынған жами 18 студент қыз өзлериниң ертек айтып түскен видеокөринислери менен қатнасты. Қатнасыўшылар тǝрепинен шеберлик пенен айтып берилген ертеклер төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен тыңлап, көрип шығылды. Төрешилер ағзалары қурамында халық аўызеки дөретпелер менен шуғылланыўшы фольклоршы илимпаз, ҚМУ Қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти, Phd.(филология илимлери бша философия докторы) Инабат Алламбергенова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Академиялық музыкалы театрының вокал артисти, талантлы актриса Алтынай Бердибаева , Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-кууатлаў министрлигиниң ҳаял-қызлардың социаллық сиясий белсендилигин арттырыў бөлими баслығы Эльзахан Ибраймова, ӨзМТДП ҚР Кенеси Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жетекши қәнигеси Айгул Өтениязовалар студент қызларымыз айтқан ертеклерди әдил баҳалап барды.
Бунда ең дǝслеп таңлаў талаплары бойынша ертектиң мазмуны, онын халықлық ертек екенлиги, қызларымыздың ертекти кишкене балаларға айтып бериў шеберлиги, ертекти тыңлаўшыға жеткере алыў қәбилети, актёрлық шеберлиги, ертек айтыўда ҳәр қыйлы көрсетпели қураллардан, ойыншықлардан, риквизитлерден пайдаланыўы, оларды ролге кирип ойната алыўы сыяқлы шǝртлерге муўапықлығы итибарға алынды.
Таңлаў жуўмағына бола, Өзбек филологиясы факультети Қазақ тили ҳǝм әдебияты қǝнигелиги 3-курс студенти Қалдыбаева Набира – «Ен жақсы ертекши», Қарақалпақ филологиясы ҳǝм журналистика факультети 3-курс студенти Жолдасбаева Бийбихадиша «Ең жақсы ǝҳмийетли мазмунға ийе ертек», Тарийх факультети вокал атқарыўшылығы қǝнигелиги 1-курс студенти Рейпназарова Гулбану «Ең жақсы нǝсият ертек», Математика факультети 2-курс студенти Айтмуратова Сарбиназ «Ен жақсы актерлық шеберлик пенен атқарылған ертек», Қурылыс факультети, 3-курс студенти Қдырниязова Зулхумар «Тыңлаўшыға шеберлик пенен жеткерилген ертек», Экономика факультети Туризм қǝнигелиги 1-курс студенти Жалиева Фарида «Жағымлы ҳаўазда атқарылған ертек», Шет тиллери факультети инглис тили бөлими 1-курс студенти Бегдуллаева Динора «Ең жақсы образлы ертекши», Экономика факультети 1-курс студенти Юлдашева Назокат «Шебер ертекши», Химия технология факультети студенти Собирова Озода «Ең жақсы кемпир апа образы», Химия технология факультети, химия қǝнигелиги 1-курс студенти Йулдашева Сабохат «Тǝрбиялық ǝҳмийетлилиги кушли ертек», Санаат технологиясы факультети, Жеңил санаат қǝнигелиги 1-курс студенти Ғайыпбаева Динара «Мийнеткешликке шақырыўшы ертек», Қурылыс факультети 1-курс студенти Даўлетбаева Назокат «Ен жаксы көргизбели ертек», Өзбек филологиясы факультети Қазақ тили ҳǝм әдебияты қǝнигелиги 1-курс студенти Абдуллаева Дильфуза «Мультипикациялық ертекши» , Шет тиллери факультети аўдарма теориясы ҳǝм ǝмелияты қǝнигелиги 1-курс студенти Қартбаева Меҳрибан «Тǝбият ҳǝдийселери жақсы сǝўлеленген ертек», физика факультети 2-курс физика студенти Айтжанова Нурбиби «Жат иллетлерден сергекликке шақырыўшы ертек», Шет тиллери факультети, Немис тили ҳǝм ǝдебияты қǝнигелиги студенти Норметова Нигина «Ең жақсы образлы ертекши», Физика факультети 2-курс студенти Умбеталиева Динара «Ең жақсы ҳайўанатлар ҳаққында ертек», Юридика факультети 1-курс студенти Жалолова Маҳигул «Туўысқанлық ҳаққында ертек» номинацияларына ылайық деп табылды.
Келешегимиз болған жас ǝўладлардың кǝмил инсан болып жетилисиўинде, шаңарақлардың беккемлиги ҳәм шаңарақлық қәдириятлардың еле де айрықша орын тутыўында өткерилип атырған бундай таңлаўлар оғада үлкен әҳмийетке ийе деп ойлаймыз. Жуўмақлап айтқанда, халқымызда сақланып киятырған аўызеки дөретпелер, соның ишинде ертеклер арқалы жасларда меҳир-ақыбет сезимлери, олардың жақсылыққа , жақсы ислерди ислеўге умтылыўы, дүньяқарасы, миллий, руўхый раўажланыўы унамлы қәлиплесип барады. Сондай-ақ, Ўатансүйиўшилик, миллий сезим , перзентлердиң шаңараққа, ең жақын адамлары –ата-анаға, аға-ини, апа-қарындасқа болған мүнәсибетинде ҳәм туўылып өскен қәдирдан үйи, жақынлары менен қарым-қатнасында өз көринисин табады.

Инжайым Сейтназарова
ҚМУ Ҳаял-кызлар шөлкеми баслығы,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы.

Пайдалы дереклер