ДЫҚҚАТ ДАҒАЗА!!! | | Karakalpak state university

ДЫҚҚАТ ДАҒАЗА!!!

Университет студентлери арасында «Мен диний экстремизм ҳәм террроризм қәўпин қалай түсинемен?», « Биз коррупцияға қарсымыз», «Адам саўдасы – дәўир машқаласы» атамаларында «Ең жақсы мақала» номинациялары бойынша онлайн мақалалар таңлаўы өткериледи.
Таңлаўдың факультетлер аралық басқышы усы жылдың 25-27-июнь күнлери аралығында болып өтеди. Таңлаў номинациялары бойынша қатнасқан студентлер өз мақалаларын көрсетилген мүддетлерде өзлери оқып атырған факультет деканының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасарларына бериўи тийис.
Таңлаў критериялары:
Таңлаўға усыныс етилетуғын мақалалар төмендеги критерияларда баҳаланады;
– теманың толық ашып берилиўи (илимий, рәсмий, көркем критерияларына сай ҳәм тема актуаллығына қарап); -10 балл
– дөретиўшилик жумыслардың стилистикалық ҳәм грамматикалық тәрептен дурыс жазызғанлығы; -10 балл
– темада әдебиятлардан пайдаланыў дәрежеси ҳәм анализлеў ҳәм еркин пикирлердиң анық билдирилгенлиги; -10 балл
– теманы өзине тән дөретиўшилик тәреплерин сәўлеленгенлиги; -10 балл
– теманы ашыўда турмыслық мысаллардан кең пайдаланғанлығы ҳәм менталитетимизе сай дереклер келтирилгенлиги; -10 балл
– темаға байланыслы актуал мәселелер, олардың шешимлери ҳаққында усыныслар келтирилгенлиги;-10 балл
– мақалада гилт сөзлер, өзбек, қарақалпақ орыс, инглис тиллеринде аннотациялардың берилгенлиги;-10 балл.
Таңлаўға берилген мақалалар көлеми 8-10 беттен кем болмаўы керек. Ҳәр бир критерия 10 балл системасында баҳаланады(жәми 70 балл).

Таңлаўға усыныс етилетуғын дөретиўшилик жумыслар (өзбек, қарақалпақ, орыс, инглис тиллеринде) компьютер WORD бағдарламасында Times New Roman 14 шрифтта, 1 интервалда, шептен 30 мм, оңнан 15 мм, жоқары төменнен 25 мм орын қалдырған ҳалда жазыўлары шәрт.

Универиситет басқышында 1-2-3-орынларды ийелеген жеңимпазлар ректор тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы саўға менен сыйлықланады.
Университет бақышында жеңимпаз болған 1-2-орынды ийелеген студентлердиң мақалалары таңлаўдың Республикалық басқышына усыныс етиледи ҳәм республика басқышында жеңимпаз болғанлар төмендегише сыйлықланады:

1-орын үш миллион (3000000) сум ҳәм диплом
2- орын еки миллион (2000000) сум ҳәм диплом
3- орын бир миллион (1000000) сум ҳәм диплом

Пайдалы дереклер