slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
«Басламада жаслар конференциясы – 2020» | | Karakalpak state university

«Басламада жаслар конференциясы – 2020»

«Баслаў ушын уллы болыў шәрт емес, лекин уллы болыў ушын, әлбетте баслаў керек» деген пикирди өзинде жәмлеген илаж 26-июнь күни университеттиң бир қатар билимли ҳәм белсенди жаслары қатнасыўында болып өтти. «Басламада жаслар конференциясы – 2020» атамасындағы онлайн конференция бир қанша басламалардың тийкаршысы, белсенди ҳәм тәжрийбели спикерлер ҳәм университеттиң Шет тиллери факультети басламасы менен шөлкемлестирилди.

Илажды университет ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм жасларды жақынласып қалған 30-июнь Жаслар күни менен кызғын қутлықлады. Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығы орынбасары Ф.Омонов шығып сөйлеп, бүгинги күнде жаслар саласында алып барылып атырған ис-илажлар ҳаққында айтып өтти. Соңынан факультет деканы Дж.Қурбанбаев басшылығында үш спикер ҳәм студент жаслар сәўбети басланды.

«International union-V», «Union-X conference» проектлери тийкаршысы Аббосбек Турабаддинов, «International youth reforms forum-2020», «Ислоҳотда ёш кадрлар саммити-2020» лойиҳалари асосчиси Огулнур Атаева, «Asian youth conference-2019», «Депутат миллий онлайн форумы-2020» проектлери тийкаршысы Шохрух Маматқулов сыяқлы шебер спикерлер сөз сөйлеп, өз лидерлик искерликлери, бул жолдағы қыйыншылықлар ҳәм мақсетке қалай ерисиў сырлары ҳаққындағы тәжрийбелерин студент жаслар менен бөлисти.

Өзбекстан жасларының мәнаўий ҳәм сиясий билимин раўажландырыў, олардан мәмлекет басқарыўы ушын қәлиплескен, жетик кадрларды жаратыў, ҳәр бир жастың өз идеясын күшли проект дәрежесине алып шыға алыў ҳәм тәжрийбеге ийе болыўын тәмийнлеўди мақсет қылған конференция байрам қарсаңында жасларға үлкен сабақ ҳәм саўға болды. Хәм әлбетте, өткерилген спикер ҳәм студент арасындағы сәўбетлер жақын келешекте өз нәтийжесин береди, деген үмиттемиз.

 

Динора Бегдуллаева

Шет тиллери факультети

1-курс студенти

Пайдалы дереклер