slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
УНИВЕРСИТЕТ РЕКТОРЫНЫҢ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР МӘСЕЛЕЛЕРИ БОЙЫНША МӘСЛӘҲӘТШИСИ САЙЛАНДЫ. | | Karakalpak state university

УНИВЕРСИТЕТ РЕКТОРЫНЫҢ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР МӘСЕЛЕЛЕРИ БОЙЫНША МӘСЛӘҲӘТШИСИ САЙЛАНДЫ.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын және де қоллап-қуўатлаў ҳәм де шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы 2020-жыл 18-февральдағы Пәрманы ҳәм де » Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 2020-жыл 18-февралдағы Қарарын орынлаў, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 17-июнь күнги 326 -санлы буйрығы талапларын орынлаў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының 2020-жыл, 24-июнь күнги 321-Д -1 буйрығы шығарылды. Усы буйрыққа тийкарлана отырып 2020-жыл 30-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ректор А.Реймовтың басшылығында мәжилис өткерилди. Мәжилисте ректордың усынысы менен ҳаял-кызлар мәселелери бойынша 21 ағзадан ибарат Кеңес дүзилди. Нызамға муўапық дүзилген Кеңес ағзаларының арасынан ректордын усынған талабанлар арасынан Кеңес ағзаларының даўыс бериў жолы менен Сейтназарова Инжайым Ержановна Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси болып сайланды.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Ҳаял-қызлардың социаллық белсендилигин асырыў бөлими баслығы Эльза Ибраймова қатнасты.

Әдилбай Оразов,
Бердақ атындағы ҚМУ Баспасөз хаткери.

Пайдалы дереклер