slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети сайлаў мүддети питкен ҳәм бос турған төмендеги педагог хызметкерлер лаўазымлары ушын таңлаў жәриялайды: | | Karakalpak state university

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети сайлаў мүддети питкен ҳәм бос турған төмендеги педагог хызметкерлер лаўазымлары ушын таңлаў жәриялайды:

(«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2020-жыл 9-июнь күнги №60-61 санында жәрияланған)

                

Кафедра баслығы лаўазымы: Факультетлер аралық дене мǝденияты кафедрасына.

Доцент лаўазымы: Археология, Улыўма биология ҳәм физиология, География ҳәм гидрометеорология,  Физика, Ѳзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан тарийхы, Экономика, Инглис тили ҳǝм ǝдебияты, Ѳзбек тили ҳǝм ǝдебияты кафедраларына.

Үлкен оқытыўшы лаўазымы:, Функционналлық анализ, алгебра ҳәм геометрия кафедрасына.

Оқытыўшы (ассистент) лаўазымы: Немис тили ҳәм әдебияты, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы, Әмелий математика, Электр энергетика, Экономикалық теория, Педагогика ҳәм психология, Архитектура, География ҳәм гидрометеорология, Қала қурылысы ҳәм хожалығы, Имаратлар ҳәм қурылмалар қурылысы, Улыўма биология ҳәм физиология (0,5 ставка), Қарақалпақ тил билими (0,5 ставка) кафедраларына.

 

Кафедра баслығы лаўазымы ушын таңлаўға илим докторы (яки DSc), илим кандидаты, философия докторы (PhD)  илимий дәрежесине, профессор яки доцент илимий атағына, сондай-ақ, тийисли қәнигелик бойынша буларға теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге ийе болған пуқаралар қатнасыўы мүмкин.

Доцент лаўазымы ушын таңлаўда доцент илимий атағына, үлкен илимий хызметкер ямаса илим кандидаты, философия докторы (PhD), илим докторы ямаса илим докторы (DSc) илимий дәрежесине ийе болған пуқаралар қатнасыўы мүмкин.

Бир мүддетке доцент лаўазымын ийелеў ушын таңлаўда, тийисли илимий атаққа ҳәм илимий дәрежеге ийе болмаған, бирақ усы қәнигелик бойынша кеминде 3 жыллық әмелий ис тәжирийбесине ийе болған, усы кафедраның тәлим бағдарлары бойынша сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбалар авторы болған жоқары тәжирийбели қәнигелер қатнасыўы мүмкин.

Үлкен оқытыўшы лаўазымы ушын таңлаўда жоқары мағлыўматқа ийе болған (магистр, дипломлы қәниге), бирақ оқытыўшылық, илимий-изертлеў ҳәм ислеп шығарыў жумыслары тәжирийбесине ийе болған пуқаралар қатнасыўы мүмкин.

Оқытыўшы (ассистент лаўазымы ушын таңлаўға тийисли қәнигелик бойынша жоқары мағлыўматқа ийе болған пуқаралар (магистр, дипломлы қәниге) қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўға қатнасыўды қәлеўшилер тәрепинен ректор атына арза, кадрларды есапқа алыў бойынша жеке ис қағазы, дипломларының тастыйықланған көширмеси, илимий мийнетлери дизими ҳәм де қәнигелигин жетилистиргенлиги ҳаққындағы гүўалығының көширмеси тапсырылады.

               Арзалар дағаза шыққан күннен баслап бир ай мүддетте қабыл етиледи.

               Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматлар ҳаққында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Кеңесинен билиўиңизге болады.

 

Мәкан жайымыз: Нөкис қаласы, Академик Ч.Әбдиров көшеси №1-жай

Телефон: 61 223 62 75

 

Пайдалы дереклер