slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
«Коррупциясыз тәлим» атамасында онлайн семинар шөлкемлестирилди | | Karakalpak state university

«Коррупциясыз тәлим» атамасында онлайн семинар шөлкемлестирилди

Усы жылдың 7-июль сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм техникалық хызметкерлери қатнасында тәлим системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың келип шығыўына имкан берип атырған себеп ҳәм шәрт-шәраятларды сапластырыў мақсетинде университет профессор-оқытыўшылар ҳәм техникалық хызметкерлер арасында профилактикалық ислерин алып барыў бойынша  «Коррупциясиз тәълим» атамасында онлайн семинар болып өтти.

Семинарды Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов  кирис сөз  бенен ашып, күн тәртибиндеги мәселе бойынша семинар қатнасыўшыларын таныстырды. Ол өз сөзинде тәлим системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша басшы хызметкерлер ҳәм профессор-оқытыўшылар алдында турған ўазыйпалар, оларды анықлаў ҳәм шек қойыў, буларға имканыят жаратып бериўши себеплер ҳәм шәрт-шараятларды сапластырыў бойынша республикамызда кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап көрсетти. Бул бойынша университетимизде бир қатар жумыслар алып барылып атырғанлығы, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери, жәмийетлик шөлкем ўәкиллери менен биргеликте профессор-оқытыўшылар ҳәм де техникалық хызметкерлер арасында коррупцияның алдын алыўға қаратылған үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилип атырғанлығы ҳақкында айтып өтти.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Нызамшылық, суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитет баслығы З.Реймова, университет үлкен юрист мәсләхатшысы А.Баймуратов, жаслар менен ислесиў бойынша проректор ў.ў.а. И.Жуманиязов, «Ҳуқықтаныў» кафедрасы ассистенти Т.Алиевлар сөзге шығып, коррупция – раўажланыўға кери тәсир етиўши жаман иллет екенлиги, сонлықтан пүткил дүнья жүзинде оған  қарсы гүресиў, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы ғуресиўдиң бирден бир системасы жаратылғанлығы, «Коррупцияға қарсы гүресиў хаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызам қағыйдаларының нәтийжели орынланыўын тәмийнлеў, коррупцияның алдын алыў бойынша ис иалажларды жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының бәрше тараўлары бойлап қамтып алыў имканиятын беретуғынлығын айтып өтти.

Соны айтып өтиў орынлы, коррупция ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясий-экономикалық раўажланыўына кери тәсир етиўи, мәмлекеттиң конституциялық тийкарларын ҳәм нызам үстинлигин ҳәлсиретиўи, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыўына алып келиўи ҳәм де оның алдын алыў, жоқары оқыў орынларында тәрбиялық профилактикалық жумысларды күшейтиў, унамсыз ҳәдийселерге жол қойылыўдың алдын баслы ўазыйпа екенлиги хаққында айырықша тоқтап өтти.

            Семинар даўамында факультет деканы Дж.Курбанбаев, инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти Г.Тлеумуратов, немис тили ҳәм әдебияты кафедрасы үлкен оқытыўшысы А.Джумамуратов ҳәм рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти Л.Кабуловалар сөзге шығып, коррупция жынаятының алдын алыўда бундай семинарлардың өткерилиўи жоқары оқыў орынлары  профессор-оқытыўшылары ҳәм техникалық хызметкерлердиң хуқықый билимлерин асырыўы менен бир қатарда   жаман иллетлерден узақ болыўда  өз нәтийжесин бериўи хаққында айтып өтти ҳәм барлық хызметкерлерди коррупция жынаятына қол урмаслықка және бир мәрте шақырып қалды. 

Семинар соңында факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм техникалық хызметкерлерге коррупция жынаятын келтирип шығарыўшы факторлар ҳәм олардың аянышлы ақыбетлери сәўлеленген видеоролик қойып берилди.

 

Т.Кулниязов – Шет тиллери факультети декан орынбасары

Пайдалы дереклер