2020-жыл 14-июль күни саат 10 00 да Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы PhD. 03/30.12.2019.Tar.20.05 санлы Илимий кеңеси қасындағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша Илимий семинар мәжилиси университеттиң руўхыйлық залының бас студия орайында онлайн түрде өткериледи.
Мәжилисте Үргениш мәмлекетлик университети излениўшиси Каримов Яшин Абдушарибовичтиң 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша «Орта Азия коммуникация системасында суў жолларының тутқан орны» (әййемги дәўир ҳәм орта әсирлер) деген темадағы тарийх илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.