slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов дүньядан ѳтти. | | Karakalpak state university

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов дүньядан ѳтти.

Белгили мәмлекетлик ғайраткер, атақлы жәмийетлик искер, ҳақыйқый ел перзенти, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов дүньядан ѳтти. Бул жоғалтыӯ пүткил халқымыз ушын аўыр мүсийбет болды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор-оқытыӯшылар жәмәәти, алым ҳәм илимпазлар, студент-жаслар бул мүсийбетти терең қайғыра отырып, марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туӯысқанларына ҳәм Республика Ҳүкиметине кеўил билдиреди.
М.Т.Ерниязов өзиниң мийнет жолы даўамында елимиздин социаллық, эканомикалық ҳәм мәдений жақтан гүллеп- раӯажланыўына кѳп хызметлер етиӯ менен бирге республикамызда илим ҳәм билимлендириӯ тараӯына да айрықша итибар қаратты, әсиресе жасларды қоллап-қуӯатлап, оларға қол-қанат болды. Сондай-ақ, ел басшымыз халқымыздың тынышлығын, аӯыз биршилигин ҳәм турақлылығын тәмийинлеӯде мүнәсип жол басшылық етти. Ол қайсы тараўда жумыс алып барса да терең ақыл, үлкен тәжирийбе менен басшылық ете билиўи арқалы өмириниң ақырына шекем ел хызметинде болды.
Биз халқымыз ушын пидайы хызмет еткен ел перзентин ҳеш ўақытта умытпаймыз. М.Т.Ерниязовтың жарқын естелиги мәңги ядымызда сақланып қалады.

Пайдалы дереклер