slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Университет студентлери ушын жаӊа турақ жай қурылысы басланды | | Karakalpak state university

Университет студентлери ушын жаӊа турақ жай қурылысы басланды

     Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетинде барлық қолайлықларға ийе 400 орынлық студентлер турақ жайы имараты курылысы басланды. Бул қурылыстыӊ улыӯмалық қарежетлери 16, 865 млрд. сӯмды қурайды.

    Усы қурылыс жумысларыныӊ басланыӯы менен жақыннан танысыӯ мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаӯлы билимлендириӯ министри И.Маджидов университетимизге келди. Ол қурылыс жумысларын көзден өткерип, жуӯапкер хызметкерлерге тийисли көрсетпелер берди. Усы курылыс жумысларына министрлик жанындағы Жоқары билимлендириӯди раӯажландырыӯ изертлеӯлери ҳәм алдынғы технологияларды енгизиӯ орайы баслығы З.Ҳакимов, Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети ректоры А.Реймовлар қатнасты.

   Мағлыӯмат орнында соны атап өтпекшимиз, университетте ҳәзирги күнде 1340 орынлық студентлер турақ жайы бар. Жаӊа қурылып атырған имарат студентлер ушын барлық зәрүр имканиятларды жаратып береди .

 

 

Пайдалы дереклер