slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
«Мен таңлаған билим дәргайы» атамасында студентлик гүўалығын тапсырыў кешеси болып өтти | | Karakalpak state university

«Мен таңлаған билим дәргайы» атамасында студентлик гүўалығын тапсырыў кешеси болып өтти

Усы жылдың 23-сентябрь күни ZOOM платформасы арқалы  2020-2021 оқыў жылында оқыўға қабыл етилген 1-басқыш студент жасларға «Студентлик гүўалығы»н салтанатлы тапсырыў кешеси болып өтти.

          Кешени Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры  А.Реймов ашып берди ҳәм кеше қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап, студентлердиң алдағы оқыў ҳәм жумысларында тасқын табыслар тиледи. Соң пән олимпиадаларында, спорт жарысларында ҳәм оқыўға жоқары балл топлап, мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етилген бир қатар студент жаслар сахнаға шығып «Студентлик ант»ын қабыл етти.

          Илажда СТУДЕНТ атына мияссар болған университеттиң шет-тиллери факультетиниң 1-курс студенти С.Муратбаева ҳәм Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистикасы факультети 1-курс студенти А.Қырқбаев шығып сөйлеп, алдағы оқыўларында жақсы баҳаларға оқып, оқыў ҳәм жәмийетлик жумысларға белсене қатнасыўын айтып өтти. Оқыў даўамында студент жасларға жалықпастан билим ҳәм илим сырларын үйретиўдей машақатлы жумысларында устазларына тасқын табыслар тиледи.

          Байрам кешеси студентлер тәрепинен таярланған концерт дәстүрине жалғанып, онда атқарыўшылардың қосық ҳәм аяқ-ойынлары жыйналғанларға ҳақыйқый байрам кейпиятын бағышлады.

 

Гоззал Жалгасова

Санаат технологиясы факульети 3-курс студенти

 

Пайдалы дереклер