slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Хатымды айрықша тәсирлер менен оқың! | | Karakalpak state university

Хатымды айрықша тәсирлер менен оқың!

 

Қәдирли достым! Усы хатымды Нөкис қаласынан турып сизге арнап жазып атырман. Бир толқынланып, көзиңизге жас алып оқыйсыз деген үмиттемен. Хатымның басында сизге бир сораў менен жүзленбекшимен. Егер мүмкин болса…

Сиз не ушын бизден, адамлардан, жәмийеттен, халықтан алыслап кетип баратырсыз? Анығын айтқанда, бизди умытып кетпедиңизбе? Сизге не болды өзи?

Жаслығымда сиз ҳаққында түрли жақсы пикирлерди еситетуғын едим. Ҳәзирги ўақытта айырым адамлар бираз өзгергендей. Тек айтатуғыны “Да”, “Ок”, “Алоо”, “Хорошо”, “Пока”, “Привет”, “Короче”, “Так что” ҳәм тағы басқа усыған уқсаған сөзлер. Айта беретуғын болсам бундай алабажақ сөзлер таўсылмайды…

Мен сениң не ушын бизден бунша алыслап кетип баратырғаныңды билемен. Себеби, биз адамлар (жәмийет) сениң қәдириңе жетпедик. Қәдириңизди, абыройыңызды аяқ асты еттик ҳәм етип атырмыз.

Кешир бизди достым, егер кешире алсаң!

 

Шубар ала сөзлер тилди патаслар,

Тилди бузған миллет жолдан адасар.

Жыланға жарасар шубар алалық,

Таза сөйлеў ғана тилге жарасар.

 

Бабам пал тамызған дана тилимсең,

Дәртин баян еткен нала тилимсең.

Дилўар етип туўған қарақалпақты,

Сен дүньяда теңсиз ана тилимсең!

Хатым арқалы сени жақынлап киятырған байрамың менен қутлықлайман. Саған узақ өмир, ҳәмийше бахыт қусы сениң менен бирге болыўын тилеймен.

Эҳ, сени тек жылына бир рет болатуғын байрамыңда ғана еске алатуғынымыз қандай ашынарлы!

Қәлбим қуяшы!  Сен дүньяда тәкирарланбас күшке ийесең.

Конверттиң артқы бетине нәзер аўдарсаңыз, ол жерде ашшы ҳақыйқат жазылған. Ашшы ҳақыйқатлар да бир күн емес, бир күни жүзеге шығады. Мен буған әлбетте, исенемен. 

Ҳүрметли ақылгөйим! 

Хатымды қарақалпақ тилинде(сап ана тилимде) жаздым ҳәм буған жүдә-жүдә бахытлыман! Сен де қарақалпақ тилинде жазылған бул жүрек сөзлеримди жақсы түсинесең деген үмиттемен. Байрамың және бир мәрте мүбәрек болсын. Сеннен де усындай мазмунлы хатларды күтип қаламан. Сен мениң ар-намысым, миллетимниң руўхы болған Ана тилимсең!

Ҳүрмет пенен Азизбек Дабылов

ҚМУдың Қарақалпақ филологиясы ҳәм

Журналистика факультети 2-курс студенти.

Пайдалы дереклер