Факультетимизде «ЗАКОВАТ» жарысы | | Karakalpak state university

Факультетимизде «ЗАКОВАТ» жарысы

 

  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс факультети жаслардың терең билим алыӯы менен бирге руўхыйлық дүньясын байытыӯға да айрықша кеӯил бөлген. Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға сүрилген 5 басламаны кеӊ ен жайдырыў бағдарында студент-жаслардыӊ бос ӯақытларын мазмунлы өткериў сондай-ақ, 1-курс студент-жасларыныӊ интеллектуал билимлерин асырыў мақсетинде факультеттиӊ «Қурылысшы» клубы тәрепинен «ЗАКОВАТ» жарысы өткерилди.      

 Жарысқа ҳәр бир команда күшли таярлық көрип, командалар өз атына, эмблемасына, уранына  ийе болып, ҳәр қыйлы қызықлы сораў- жуўаплар менен қатнасты.

 Жарыс жуўмағы бойынша 1-орынды Инженерлик коммуникациялар қурылысы ҳәм монтажы кәнигелиги “Сириус” командасы студентлери (топар басшысы У.Қдирбаев), 2-орынды Қурылыс материаллары буйымлары ҳәм конструкцияларын ислеп шығарыў қәнигелиги “Конструктор”командасы студентлери (топар басшысы Б.Жумабаев), 3-орынды Имарат ҳәм иншаатлар қурылысы қәнигелиги “Жас қурылысшылар” командасы студентлери (топар басшысы О.Жаңабаев) жеӊип алыўға миясар болды.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Жеӊимпаз командалар Ҳүрмет жарлықлары хәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. 

Факультетимиздеги бес баслама шеӊберинде  шөлкемлестирилген илажға Қурылыс факультети деканы Т.Узақов, Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары С.Нурниязов, Университет кураторлар Кеӊеси баслығы К Сейдуллаев, факультет профессор-оқытыўшылары катнасты.

Қурылыс факультети кураторлар Кеӊеси баслығы;                      М.Ешмуратов

 

Пайдалы дереклер