2020-жыл 28-ноябрь күни саат 10:00 да Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы PhD. 03/30.12.2019.Tar.20.05 санлы Илимий кеңеси қасындағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша Илимий семинар мәжилиси университеттиң руўхыйлық залының бас студия орайында онлайн түрде өткериледи.
Мәжилисте Хорезм Мамун академиясы еркин излениўшиси Сапарбаев Бунёдтың «Муҳаммед Рахимхан I дәўиринде Хийўа ханлығы тарийхи (1806-1825-жж.)» деген темадағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша тарийх илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.