slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ҮГИТ-НӘСИЯТЛАӮ ЖУМЫСЛАРЫ ЖҮРГИЗИЛМЕКТЕ | | Karakalpak state university

ҮГИТ-НӘСИЯТЛАӮ ЖУМЫСЛАРЫ ЖҮРГИЗИЛМЕКТЕ

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқып, ижарада туратуғын студентлердиң үйлеринен хабар алыў өрт ҳәм техникалық қәўиплердиң алдын алыў бойынша үйренилип шығыў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын жүргизиӯ жақсы жолға қойылған.

 

Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы баслығы профилактика бойынша орынбасары подполковник  М.Сейдуллаев, Нөкис қалалық айрықша жағдай бөлими норматив техник бөлимшеси баслығы Қ.Сейтназаров, Уй жай коммунал хызмет көрсетиў министриниң орынбасары Ж.Хабибуллаевлардың қатнасында университет факультет деканлары, жаслар менен ислесиў декан орынбасарлары менен биргеликте мәжилис болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақ мәмлекетлик университети Жаслар менен ислесиў бойынша проректор  С.Алаўатдинов ашты. Ол өз сөзинде, бүгинги күнде қала аймағында жүз берип атырған ҳәр қандай бахытсыз ҳәдийселерден тийисли жуўмақ шығарып, жасларға тәлим-тәрбия берип атырған ата-аналар, жасы үлкен пуқаралар халық арасында түсиндириў, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына сай рәўиште жумыс алып барыў бәршемиздиң ўазыйпамыз ҳәм де бул бойынша мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған илажлар, сондай-ақ, елимизде билимлендириў тараўы, жаслар тәрбиясы, соның менен бирге жасларға қаратылып атырған итибар ҳаққында қысқаша айтып өтти.

Тараӯ қәнигелери сөзге шығып, республикамызда ҳаўа райының кескин пәсейип барыўы нәтийжесинде газ ҳәм басқа түрдеги жанылғы ысытыў үскенелерине болған мүтәжлик артып атырғанлығы ҳәм бундай ўақытларда ысытыў үскенелеринен надурыс пайдаланыў ақыбетинде кеўилсиз ҳәдийселер, соның менен бир қатарда студент-жаслардың ийис газинен зәҳәрлениў жағдайлары көплеп ушырасып атырғанлығын атап өтти.

 

Усындай жағдайлардың алдын алыў ушын Нөкис қалалық айрықша жағдай бөлими норматив техник бөлимшеси баслығы Қ.Сейтназаров тәрепинен өрт қәўипиниң алдын алыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында түсиндирип, келип шығыўы мүмкин болған өрт сондай-ақ, өрт қәўипиниң  алдын алыў бойынша белсене қатнасыўға шақырып, мекеме-кәрхана имаратларында насаз, стандартқа жуўап бермейтуғын жылытыў үскенелеринен пайдаланбаў, өрт ямаса айрықша жағдайлар жүз берген жағдайда адамларды  эвакуация кылыў, материаллық байлықларды қутқарыў ҳәм бирлемши өрт өшириў үскенелери менен өртти өшириў, буннан басқа имаратларда өрт келип шығыўының алдын алыў ушын хызметкерлердиң өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын билиўи, өрт техник комиссиясының дүзилгенлиги, бирлемши өрт өшириў қураллары, ишки өрт өшириў кранларының сазлығы, өрт ямаса басқа айрықша жағдайлар жүз бергенде олар ҳаққында даўыслы яки шырақлы хабар бериў үскенелериниң барлығына ҳәм сазлығына, объект телефон менен тәмийинленгенлиги ҳәм өрт қәўипсизлиги менен байланыс орнатылғанлығы, өрт өшириў үскенелери турақлы түрде саз ҳалатта болыўы кереклиги, шығыў жолларына «ШЫҒЫЎ» сөзлери жақтыландырыўшы таблоларда орнатылғанлығы ҳәм де жоқарыда айтып өтилгенлер тәмийинленсе жүз бериўи мүмкин болған өрт ҳәдийсесиниң болмаўына ҳәм өрттиң тез тарқалыўының алдын алыўға жәрдем беретуғынымызды келтирип өтти.

Үй жай коммунал хызмет көрсетиў министриниң орынбасары Ж.Хабибуллаев сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы аймағында жүз берип атырған өрт ҳәм бул бойынша дүнья жүзлик статистикалық мағлыўматлар келтирип өтти.

Буннан соң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарлары ҳәм ҚР айрықша жағдай басқармасы хызметкерлери менен биргеликте студентлердиң үйлерине барып, жасаӯ шәраятларын үйренип шығыў бойынша жумысларын алып барды.

 

Пайдалы дереклер