slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Кәсипке бағдарланған әмелият | | Karakalpak state university

Кәсипке бағдарланған әмелият

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң тарийх факультети 4-курс Тарийх ҳәм философия бағдарлары студент жаслары 2020-2021-оқыў жылында Қарақалпақ мәмлекетлик университети қасындағы  Академиялық лицейде педагогикалық әмелиятта болып келмекте. Ҳәзирги күнде оларға қәниге оқытыӯшылардан Ж.Айтмуратов, Г.Караманова, Д.Қосымбетова, А.Баймурзаев ҳәм И.Елмуратов, «Педагогика ҳәм психология» кафедрасынан Ю. Пурханов оқыў ҳәм тәрбиялық ислер бойынша методист сыпатында бекитилип, билим ҳәм тәжирийбесине сүйенген ҳалда басшылык етпекте. Университеттиң оқыӯ ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев, факультет деканы С.Сулайманов ҳәм бир қатар профессор оқытыӯшылар әмелиятшы студент жаслар менен ушырасып, сәӯбетлести. Оқыӯ ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев сәӯбет барысында ҳәзирги күнде Президентимиз тәрепинен илим ҳәм билимге қаратылған итибар ҳаққында айтып өтип, бул итибардың тийкарында устазларға деген исеним ҳәм жуӯапкершилик бар екенлигин атап өтти.

Бизлер жаңа Өзбекстанның таянышымыз ҳәм усы устаз деген кәсипти көклерге көтерип, жаңаша билим бериӯимиз кереклигин, жаңаша билим бериӯди әмелияттан баслаӯымыз кереклигин айтып өтти.

Биз студент жаслар бул баҳалы пикирлерден өзлеримизге сабақ алдық.

Ҳ.Баймуратова.

Тарийх қәнигелиги

4-курс студенти.

Пайдалы дереклер