Жасларға итибар – келешекке итибар

Археологлар қазыў жумысларын алып барып атырған ўақытта буннан көп мың жыллар бурынғы дәўирге тийисли болған ески графикада ойып жазылған тасқа көзи түсипти. Тастағы бул жазыўлар “Эҳ жаслар, жаслар!” деген сөзлерден ибарат екен. Демек, бул жасларға болған итибардың барлық дәўирлерде де жоқары дәрежеде екенлигин көрсетеди.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев ҳәр жылы Олий Мажлиске мүрәжат жоллайды. 2020-жылдың 29-декабрь күни Президентимиз өзиниң Парламентке жоллаған гезектеги мүрәжатында бир жыл даўамында елимизде әмелге асырылған жумысларға баҳа бериў менен бирге келеси жыл ушын ислениўи тийис болған ўазыйпаларға да кең түрде тоқтап өтти. Ол өз мүрәжатында тийкарғы бағдарды жасларға қаратып, 2021-жылды “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” деп атады. Президентимиз бизиң мәмлекетимизде кейинги жылларда жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қанша жетискенликлерге ерискенлигимизди атап көрсетти:

– Жоқары оқыў орынларының параметрлери 2016-жылға салыстырғанда 2,5 есеге өсти;

– Жасларымызды Жоқары оқыў орынларына қамтып алыў 9%тен – 25%ке көтерилди;

– 2020-жылы социаллық қорғаўға мүтәж 1000ға жақын ҳаял-қызлар Жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға қабыл етилди;

– “Эл юрт умиди” фонды тәрепинен 100 ге жақын жаслар сырт еллердиң абыройлы ЖОО на магистратура ҳәм докторантураларына оқыўға жиберилди.

Жасларға көрсетилип атырған бундай ғамхорлықларды көплеп келтире бериўге болады.

Президентимиз өз мүрәжатында дүньядағы раўажланған мәмлекетлердиң прогресске ерисиўиниң тийкарғы факторларының бири жасларға болған итибардың күшли екенлигин,  ал, бизиң мәмлекетимизде бул мәселе бәлент пәрўаз гәплер менен шекленип атырғанлығын, сонлықтан жасларға болған дыққат-итибарды күшейтиўди әмелде қолланатуғын ўақыт келип жеткенлигин атап өтти. Демек, буннан жасларды қоллап-қуўатлаў мәселесиниң еле де болса жетерли емес екенлиги, сонлықтан келешекте бул мәселеге буннан да бетер дыққат қаратыў зәрүрлиги келип шығады.

Журтбасшымыз өз мүрәжатында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша төмендеги ўазыйпаларды илгери сүрди:

Жасларымыз раўажланған сырт еллердиң абыройлы ЖООда оқығысы келеди. Бирақ, олар ҳәр дайым бундай мүмкиншиликерге ийе бола бермейди. Сонлықтан, Ташкент қаласында анық пәнлерге қәнигелестирилген соңғы илимий-техникалық инвентарлар менен тәмийинленген, сырт еллердиң ЖООның профессор-оқытыўшылары келип оқытатуғын университетти ашыўды усыныс етти.  

Келеси жылда Өзбекстандағы 30 ЖООлары таңлап алынып, оларға жасларды оқыўға қабыллаў квоталарын еркин белгилеў ҳәм финанс мәселелерин өзлери шешиў ҳуқықы берилетуғынын атап өтти.

“Эл юрт умиди” фонды тәрепинен жетекши шет ел ЖООларының магистратура ҳәм докторантурасына оқыўға жиберилетуғын жаслар саны 5 есеге асырылады.

Мәмлекеттиң экономикалық жақтан гүллеп-раўажланыўында физика илиминиң нызамлылықларын терең ийелеў үлкен роль атқарады. Сондай-ақ,  жасларымыз шет еллерде билим алыўы ушын шет тиллерин терең меңгериўи талап етиледи. Сонлықтан, Президентимиз тәрепинен 2021-жылда мәмлекетимизде физика пәни ҳәм шет тиллерин оқытыўдың баслы бағдарларына дыққат қаратылатуғынлығы белгиленди.

Раўажланған мәмлекетлерде студентлердиң теориялық алған билимлери әмелиятта сынап көрилиўине үлкен әҳмийет бериледи. Яғный,  олар өзлери тәлим алып атырған оқыў орынлары жанындағы кәрханаларда ис тәжирийбесин үйренеди,  теориялық билимлерин өндирис арқалы беккемлеп барады. Президентимиздиң мүрәжатынан орын алған 187 техникумды ЖООна бириктириў мәселеси жақын келешекте жасларымызды кәсипке бағдарлаў,  оқыў ҳәм өндирис арасындағы байланысты беккемлеў ушын хызмет етеди.

Журтбасшымыздың елимиз жасларына болған үмит ҳәм исенимин уллы ойшыл, медицина илимлериниң атасы Абу Али ибн Синаның айтқан мына қанатлы сөзлери арқалы жеткерип берди: “Дәўжүрек ҳәм батыр инсанлар келешекте болатуғын қыйыншылықлардан қорықпайды”. Мен жақында болып өткен Жаслар форумында қатнасып, жасларды Ибн Сина айтқан:  Дәўжүрек ҳәм батыр инсанлар” деп тән алдым.

Демек, Президентимиздиң мүрәжатнамасы биз жасларға илим ҳәм билимниң сырларын еле де терең ийелеўге, алдымызға анық мақсетлерди қойып, оның бийик шыңларына жетиўимизге, Ана ўатанымыздың гүллеп-жаснаўы жолында жанымызды жаббарға берип мийнет етиўимиз ушын күш-қуўат бағышлады. Мен Жоқары оқыў орнында оқып атырған Өзбекстанлы мыңлаған жаслардың бири сыпатында өз қатарларымды журтбасшымыздың бизлерге болған үмит ҳәм исенимин тыянақлы билим алып өз кәсибиниң жетик маманы болыўы арқалы ақлаўға шақырып қаламан!

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Қарақалпақ филологиясы ҳәм

Журналистика факультетиниң 2-курс студенти

 

Пайдалы дереклер