slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Студент жасларға Ўатан сүйиўшиликти терең уғындырған ушырасыў | | Karakalpak state university

Студент жасларға Ўатан сүйиўшиликти терең уғындырған ушырасыў

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте «Мен Ўатан сүйиўшиликти қандай түсинемен» атамасында  студент жаслар қатнасыўында ушырасыў болып ѳтти.

Ушырасыўды Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алауатдинов кирис сѳзи менен ашып берди.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары, полковник И.Ахмедов сѳзге шығып,  студент жасларды  14-январь Ўатан қорғаўшылары күни менен қызғын қутлықлап, жаслар қәлбинде Ўатан сүйиўшилик сезимин және де терең қәлиплестиретуғын баҳалы пикирлери менен бѳлисти.

Соң майданға Ѳзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги арнаўлы операцияларды муўапықластырыў басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша арнаўлы отряды хызметкерлери тәрепинен жарылыўшы  затларды зыянсызландырыўшы арнаўлы техника қураллары менен студентлерди таныстырды.

Министрликтиң Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының Кинология бѳлими хызметкерлери тәрепинен үйретилген хызмет ийтлериниң оператив илажлар даўамында әмелге асыратуғын тийкарғы ислери менен таныстырды.

Буннан соң Оператив ўазыйпаларды орынлаўшы кѳшпели  отряды хызметкерлери  тәрепинен таярланған жаўынгерлик ҳәрекетлер таныстырылды.

Илаж барысында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң мәсләҳәтшиси, отставкадағы полковник О.Турдаков, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жаслар жетекшиси, аға лейтенант А. Кенгесбаевлар шығып сѳйлеп, жасларды Ўатан сүйиўшиликке руўхландыратуғын пикирлери менен бѳлисти.

 

Ушырасыў барысында студент жаслар үлкен тәсирлерге ийе болды.

Пайдалы дереклер