14-январь – Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгениниң 29 жыллығын ҳәм Ўатан қорғаўшылар кұни байрамы мұнәсибети менен факультетимизде бир қанша илажлар шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ИИМ Нөкис қаласы бойынша ИИБ органлары жумысларын Муўапықластырыў басқармасы аға инспекторы, капитан М.Шныкулов, инспектор лейтенант О.Есемуратов ҳәм әскерлик миннетин өтеп бирқанша жеңилликлер менен студент болған теңлеслеримиз әскерий бөлимлерде жаратылған имканият, бул кәсипти ийелеўде басып өткен қыйыншылықлары, кәсиплеслери менен болған қызықлы ўақыялар ҳаққында айтып берди. Сондай-ақ, олар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берип, студент жаслардың қызығыўшылығын арттырды.
Миллий Армиямыз Ғәрезсизлигимиздиң, тыныш ҳәм абадан турмысымыздың беккем тиреги!
Ўатанды қорғаў әдиўли миннет, жоқары жуўапкершилик. Ўатан қорғаў жолында хызмет етиўди мақтаныш деп билиў ҳәр бир жас кеўилди толқынландырады.
Химия-технология факультети
2-курс студенти Жаксымов Айдос