slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Көркем өнер факультети көркем өнеримизди раўажландырыў жолында район мектеплеринде болды | | Karakalpak state university

Көркем өнер факультети көркем өнеримизди раўажландырыў жолында район мектеплеринде болды

Өзбекстан  Республикасы  Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында  2020-жыл, 30-октябрь күни өткерилген  видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетине бириктирилген улыўма билим бериў мектеплерин оқыў-методикалық қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы буйрыққа тийкарланып университетимиздиӊ Көркем өнер кафедрасыныӊ бир қатар профессор оқытыўшылары Шымбай, Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларындағы шетки аўылларда жайласқан мектеплерде өнерге қызыққан оқыўшыларды қәнигеликке бағдарлаў ушырасыўы болып өтти. Бунда кафедраға тийисли болған Вокал (дәстүрли қосық) қәнигелиги пәни оқытыўшысы Зухуров Махмут ҳәм Әмелий көркем өнер (дастгоҳли) қәнигелиги пәни оқытыўшысы Абатов Жалғаслар Шымбай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы №17 санлы улыўма орта билим бериў мектебине, Реңли сүўрет қәнигелиги пәни оқытыўшысы Хожамуратов Казахбай ҳәм Саз атқарыўшылық қәнигелиги пәни оқытыўшысы Асқаров Ниязбеклер Беруний районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы №55 санлы улыўма орта билим бериў мектебине ҳәм Саз атқарыўшылық қәнигелиги пәни оқытыўшысы Исеев Руслан Әмиўдәрья районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы №23, №8 санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде болды.

Ушырасыўға мектеп директоры, директор орынбасары, пән оқытыўшылары ҳәм жоқары класс оқыўшылары қатнасты. Кафедрамыз оқытыўшылары мектептиӊ 9-11- класс оқыўшыларына мастер класс өткерип, сүўретлеў өнери ҳәм дәстүрли қосықшылық, сазендешилик пәниниң әҳмийети ҳаққында бес басламаға тийкарланған ҳалда түсиник берилди ҳәм қызығыўшы оқыўшыларды сораў-жуўап арқалы белгилеп алды. Сүўрет ҳәм дәстүрли қосықшылық, сазендешилик тараўына қызығыўшы оқыўшыларға методикалық жақтан жәрдем көрсетиў бирге ислесиў ҳаққында шешим қабыл етилди.

Көркем өнер кафедрасы

 

Пайдалы дереклер